Шоманай районындағы улыўма билим бериў мектеплериниң  питкериўшилери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўға район ҳәкими А.Аметов, ҳәким орынбасары А.Бекмуратов ҳәм сектор баслықлары, мектеп директорлары, питкериўши жаслардың ата-аналары қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 22-февральдағы тийисли қарары менен тастыйықланған «Улыўма орта билимлендириў мәкемелери ҳәм академиялық лицейлердиң қәбилетли питкериўшилерин алтын ҳәм гүмис медальлар менен сыйлықлаў тәртиби ҳаққында»ғы режесиниң 2-бап 8-бәнтине муўапық мектеплерди жақсы ҳәм айрықша баҳаларға питкерген оқыўшылардың алтын ҳәм гүмис медальлар менен сыйлықланыўы нәзерде тутылған.

Ушырасыўда район басшылары, ата-аналар шығып сөйлеп, елимизде жаслардың оқыўы, жумыс ислеўи ҳәм өз исбилерменлигин жолға қойыўы ушын жаратылған шараятлар ҳәм мүмкиншиликлерден утымлы пайдаланып, мәмлекетимиздиң  раўажланыўына үлес қоса алатуғын керекли кадрлар болып жетилисиўине исеним билдиретуғынын атап өтип,  питкериўшилерге жақсы тилеклерин билдирди.

2023-2024-оқыў жылында районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплерин 312 оқыўшы питкермекте.

Илаж даўамында райондағы улыўма билим бериў мектеплеринен 6 оқыўшы алтын, 9 оқыўшы гүмис ҳәм Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы Шоманай районы қәнигелестирилген мектебинен 1 оқыўшы алтын медаль менен сыйлықланды.



 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги