Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм “Ўзтўқимачиликсаноат” бирлеспеси тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында текстиль тараўында жумыс алып барып атырған бир қатар кәрханалардың жумыслары үйренилди.

Мақсет – Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында” ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, кәрханаларға әмелий жәрдем көрсетиў болып есапланады.

Тараў қәнигелери Нөкис қаласы ҳәм Кегейли, Шымбай, Қараөзек, Беруний, Төрткүл, Елликқала, Әмиўдәрья районларында жумыс алып барыўшы текстиль кәрханаларында жаратылған имканиятлар менен танысып, олардың жумысларында ушырасып атырған машқалалары ҳәм әмелге асырылыўы тийис жаңа жойбарлары бойынша пикир-усыныслары тыңланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги