Мойнақ районында халықтың машқалаларын үйрениў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар арасында саламат түрмыс тәризин қәлиплестириў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажларын шөлкемлестириў бойынша тастыйықланған бағдарлама тийкарында кең жәмийетшиликти қамтыған ҳалда саламатландырыў илажлары алып барылмақта.
“Саламат турмыс ушын 5000 қәдем” жойбары шеңберинде район орайындағы көшелерде пияда жүриў илажы шөлкемлестирилди.
Шынында да, инсан саламат болса, саламат пикир жүритип, өзиниң ўазыйпасын жуўапкершилик пенен орынлайды, белгиленген режени толық әмелге асырады. Үлкен жетискенлик ҳәм табысларға ериседи. Сонлықтан да, мәмлекетимизде саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, халықтың саламатлығын сақлаўға айырықша итибар қаратылмақта.
Мағлыўмат ушын атап өтетуғын болсақ, райондағы ҳәр бир мәҳәллеге жасыл қапламалы футбол майданшалары, “Workout” ҳәм спорт комплекслери қурылып, ғалабалық спорт пенен шуғылланыў жолға қойылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги