Россия Федерациясының Қазан қаласында «БРИКС» ойынлары болып өтпекте.

Онда елимиз спортшылары да табыслы қатнаспақта.

Соның ишинде, ҳаял-қызлар гүреси бойынша Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасып атырған қарақалпақстанлы Дилфуза Айымбетова -59 кг салмақта қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

Соны айтып өтиўимиз керек, усы күнге шекем Өзбекстан спорт делегациясы 4 алтын, 13 гүмис ҳәм 21 қола медалларын жеңип алып, Россия, Беларус ҳәм Қытай сайланды командаларынан соң төртинши орынды ийелеп тур.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы