Нөкис районындағы «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Кеӊесбай Ибадуллаевтыӊ шаӊарағы 24 сотых қыйтақ жерине ерте бәҳәрде қаўын-ғарбыз егип, 11-июнь күнинен баслап дәслепки өнимин базарға сатып баслады.

-Ҳәр жылы қаўын-ғарбызды плёнка астына егип келмектемиз.  Быйыл да өнимлеримизди ерте базарға шығарыў арқалы 25 млн сум дәрамат алыўды режелестирип отырмыз. Мийнет етсең, әлбетте, оның жемисин көресең. Соның ушын адам мийнеттен қашпаўы керек. Усы жердиң арқасында шаңарағымызды бағып, өзимиздиң дастурханымызды толтырып, соның менен бирге халқымызға да хызмет көрсетип келмектемиз,-дейди К.Ибадуллаев.



Буннан тысқары шаңарақ ағзалары үй алдына алма, ерик, алмурт ҳәм жүзим бағынан шаӊарағына 15 млн сум муғдарында дәрамат алыўға ериспекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги