Усы жылдың 19-июнь күни «Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў системасын жетилистириў ҳәм бул тараўда парламентлик қадағалаўды күшейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға бола, ҳәр жылы Олий Мажлис Сенатында Өзбекстан Республикасының тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслериндеги орнының жақсыланыўы ҳаққындағы миллий баянатты додалаў тәртиби енгизиледи.

Олий Мажлис Сенаты тәрепинен тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслердиң дизимин тастыйықлаўда тийисли халықаралық рейтинг ҳәм индекслерге жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар бириктириледи.

Министрликлер ҳәм уйымлардың биринши басшылары Олий Мажлис Сенаты тәрепинен белгиленген тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде республиканың орны жақсыланыўы, сондай-ақ, тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстан Республикасының орнын жақсылаў бойынша мақсетли көрсеткишлерге ерисилиўи ушын жеке жуўапкер есапланады.

Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў бойынша республикалық кеңеске төмендеги ўазыйпалар жүкленди, соның ишинде:

– жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде республиканың орнын жақсылаўда мақсетли көрсеткишлерге ерисиў шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларды додалап барыў;

– тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде республиканың орнын жақсылаў, соның ишинде, илимий-изертлеў мәкемелерин бириктириў;

– миллий баянат таярланыўын шөлкемлестириў ҳәм оны дәслепки тәризде көрип шығыў;

– түрли тараўларда әмелге асырылып атырған түпкиликли өзгерислердиң тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде мәмлекеттиң орнын жақсылаў мақсетлерине хызмет етиўин тәмийинлеў, бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигине тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў илажларын көриў.

ӨзА