Олий Мажлис Сенаты кенгашиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Сенаттың Баслығы Танзила Норбоева алып барған мәжилисте елиў үшинши жалпы мәжилисти 2024-жыл 21-июнь күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Атап өтилгениндей, видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилетуғын жалпы мәжилисте бир қатар мәселелерди додалаў нәзерде тутылған.

Соның ишинде, «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында», «Киберқәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы нызамшылықтың жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар көрип шығылады.

Сондай-ақ, «Интеллектуаллық мүлк объектлерин ҳуқықый қорғаў системасының буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы ҳәм «Юридикалық шахс статусына ийе болмаған кәсиплик аўқамлары шөлкемлерин есапқа алыў тәртиби белгиленип атырғаны мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар додаланады.

Буннан тысқары, жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуаллық кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине нәшебентлик қуралларының, олардың аналогларының ямаса психотроп қуралларының, сондай-ақ, күшли тәсир етиўши ҳәм зыянлы элементлердиң нызамға қайшы айланысына қарсы гүресиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамның мақулланыўы күтилмекте.

«Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында», «Товар белгилери бойынша нызамлар ҳаққындағы Сингапур шәртнамасын (Сингапур, 2006-жыл 27-март) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызамлар да күн тәртибинен орын алған.

Сенаторлар Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў илажларының орынланыўын, Самарқанд ўәлаяты мәҳәллелеринде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша жумыслар жағдайы ҳаққындағы мәселелерди додалайды.

Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры лаўазымына талабанды көрип шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетиниң баслығын сайлаў, Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң қурамына өзгерислер киргизиў мәселелери де көрип шығылады.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы