Алдын хабар бергенимиздей, усы күнлерде Өзбекстан Республикасы Энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов басшылығындағы Ҳүкимет делегациясы Россия Федерациясында болып турмақта.

Сапар даўамында “Өзэлтехсанаат” аўқамының баслығы Мирзиёд Юнусов ҳәм бир қатар рәсмийлер,  ири компаниялар ҳәм шөлкем басшылары менен сөйлесиўлер алып бармақта.

Бүгин елимиз делегациясы ўәкиллери Башқуртстан Республикасы басшысы Радий Хабиров басшылығындағы рәсмийлер менен Уфа қаласында сөйлесиўлер алып барды.

Басқа бағдарламалар қатары перспективалы болған электротехника бағдарында да бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Буннан соң, делегация ағзалары “Башқирэнерго” ААЖ кәрханасына келди. Сапар даўамында кәрхананың жумыслары, онда енгизилген жаңалықлар жақыннан үйренилди.

Әйне ўақытта өзбек делегациясының сапары даўам етпекте.

                                                                                Н.Зиёдуллаева тайёрлади, ЎзА