Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Шанхай Бирге ислесиў Шөлкемине (ШБШ) ағза мәмлекетлер сыртқы ислер министрлери менен ушырасыўда 3-4-июль күнлери Астана қаласында болып өтетуғын ШБШға ағза мәмлекетлер басшылары саммитинде 20 дан аслам мәселелер додаланатуғынын мәлим етти.
Усы күнлери Астана қаласында ШБШға ағза мәмлекетлердиң сыртқы сиясат уйымлары басшылары Кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтпекте. Илажда ағза мәмлекетлердиң сыртқы ислер министрлери, шөлкемниң Бас хаткери ҳәм Регионаллық контртеррор структуралары атқарыў комитетиниң директоры қатнаспақта.
– Мәмлекетлеримиз ушын айрықша әҳмийетке ийе болған бул форумды сапалы таярлаў ушын Сыртқы ислер министрлери кеңесине үлкен жуўапкершилик жүкленген, – деди Тоқаев. – Бул бағдардағы жумысларыңызды жоқары баҳалайман. Усынылған 20 дан аслам ҳүжжет ШБШ шеңбериндеги кең көлемли шерикликти беккемлеўге салмақлы үлес қосатуғынына исенимим кәмил.
Сондай-ақ, Қазақстан басшысы 3-4-июль күнлери болып өтетуғын ШБШның Астана саммити «Көп тәреплемели сөйлесиўди беккемлеў – турақлы тынышлық ҳәм раўажланыўға умтылыс» сүрени астында өткерилетуғынын атап өтти.
– Бул күн тәртиби шөлкемниң тийкарғы мақсетлеринен бири – регионда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўди толық сәўлелендиреди, бул бағдарда Сыртқы ислер министрлери кеңесине үлкен үмитлер қойылады. ШБШға ағза мәмлекетлер басшылары кеңесиниң Астанада болажақ мәжилисин табыслы өткериўге үлес қосады, – деди Қазақстан басшысы.
Мағлыўмат орнында, ШБШ 2001-жылы шөлкемлестирилген абырайлы халықаралық шөлкем есапланады. Оған Ҳиндстан, Иран, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан, Пакистан ҳәм Өзбекстан ағза болған. Аўғанстан, Беларусь ҳәм Монголия бақлаўшы ҳәм Әзербайжан, Армения, Камбоджа, Непал, БАӘ, Түркия ҳәм Шри-Ланка бирге ислесиўши мәмлекетлер статусында шөлкем илажларында қатнасып келеди. 2023-жыл июль айында Нью-Делиде болып өткен ШБШ саммитинде Иран шөлкемге толық түрде ағза болды. Ол жерде Беларусь шөлкемге ағза мәмлекет статусын алыў ушын миннетлемелер ҳаққындағы меморандумға қол қойды. Усы жылдың июль айында болып өтетуғын саммитте Беларусь ШБШның толық түрде ағзасына айланыўы күтилмекте.
ӨзА