Усы жылдың 13-17-май күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласында спорт ҳәм жаўынгерлик самбо бойынша жас өспиримлер, жаслар ҳәм ветеран спортшылар арасында Азия ҳәм Океания чемпионаты жарыслары болып өтти.
Қызғын беллесиўлер менен өткен жарыста Қарақалпақ мәмлекетлик университети пофессоры Мақсет Айымбетов 55-60 жастағы ветеран спортшылар арасында 98 кг салмақтан жоқары болған категориясында сыйлы 3-орынды ийелеп, қолы медалы ийесине айланды.
Профессордың спортқа қызығыўшылығы балалығынан қәлиплескен болып ол өзи туўылып өскен Нөкис районының Шортанбай елатында миллий гүрес бойынша тренерлери П.Хожанов, Ж.Тажимуратовлардан сабақ алған ҳәм бир неше чемпионатларда алдынғы орынларды қолға киргизген. Оның спортқа деген қызығыўшылығы бүгин де өз нәтийжесин көрсетпекте.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги