Вьетнам Социалистик Республикасы президенти етип сайланған армия генералы То Ламниң садықлық антын қабыл етиў мәресими болып өтти. Мәмлекет басшысынаң инаугурация мәресими Миллий ассамблея депутатлары тәрепинен мәмлекет президенти сайлаўы бойынша өткерилген даўыс бериў нәтийжелери жәрияланғаннан кейин дәрҳал болып өтти.

«Муқаддес миллий байрақ, Миллий ассамблея, ўатанласлар ҳәм пүткил мәмлекет сайлаўшылары алдында, мен, Вьетнам Социалистик Республикасы Президенти, Ўатанға, халыққа, Вьетнам Социалистик Республикасы Конституциясына толық садық болыўға ҳәм партия, мәмлекет ҳәм халық тәрепинен жүкленген ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў ушын барлық ис-ҳәрекетлерди әмелге асырыўға ант беремен», – дейди То Лам.

66 жастағы То Лам Вьетнамның 13-президенти болды. Мәмлекет басшысы сыпатында ол 2024-жылдың мартында өз қәлеўи менен жумыстан кеткен 53 жастағы Во Ван Тхуонгтың орнын ийеледи. Ол буған шекем мәмлекеттиң жәмийет қәўипсизлиги министри лаўазымында еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги