Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер сыртқы ислер министрлери кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты.

«Астана қаласында болып өткен ШБШ сыртқы ислер министрлери Кеңесиниң мәжилисинде қатнастық», – деп жазды Өзбекстан СИМ баслығы өзиниң Telegram-каналында.

Ушырасыў Иранның марҳум президенти Иброҳим Раисий ҳәм сыртқы ислер министри Ҳусайн Амир Абдуллаҳиён ҳүрметине тынышлықты сақлаў менен басланды.

Беларусь сыртқы ислер министри Сергей Алейник Беларусь Республикасының ШБШ шаңарағына толық түрде ағза сыпатында қосылыўы бойынша барлық тәртип-қағыйдалар табыслы жуўмақланғаны менен қутлықланды.

Болажақ саммитке таярлық көриў процесинде ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиўдиң тийкарғы тәреплери ҳәм тараўлар бойынша бир қатар әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.

Атап айтқанда, экономикалық бирге ислесиў, қәўипсизлик, транспорт-логистика, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да бағдарлар бойынша ашық ҳәм конструктивлик пикир алысылды.

Өзбекстан ШБШның регионаллық ҳәм глобаллық көлемдеги ролин буннан былай да беккемлеў, оның үлкен потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, әсиресе, шөлкемди кеңейтиў тәрепдары екени айтылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги