24-май күни Ашхабад қаласында ҒМДА ҳүкимет басшылары кеңесиниң мәжилиси болып өтеди.

ҒМДА атқарыў комитетиниң хабарына бола, мәжилис күн тәртибиниң жойбарына 12 мәселе киргизилген. Дәстүрге бола, тар шеңберде кеңес ағзалары Дослық Аўқамы мәмлекетлериндеги экономикалық бирге ислесиўдиң әҳмийетли темалары бойынша пикир алысады.

Энергетика тараўында бирге ислесиў концепциясы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша тийкарғы илажлар режесиниң жойбарлары, сондай-ақ, ҒМДАға ағза мәмлекетлер аймақлары арқалы өтетуғын инфраструктураны оптималластырыў ҳәм халықаралық транспорт коридорларын раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер режесин кең форматта додалаў усыныс етилмекте.

Буннан тысқары, мәжилисте денсаўлықты сақлаў, химия санааты, қәўипли шығындылар менен ислесиў ҳәм интеллектуаллық мүлк тараўындағы ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиўге байланыслы бир қатар ҳүжжетлерди қабыл етиў режелестирилген.

Ҳүкимет басшылары кеңеси күн тәртибиндеги және бир мәселе – Ашхабадты Дослық Аўқамының жаңа спорт имканиятлары қаласы дәп жәриялаў.

Мәжилис жумысында Өзбекстаннан Бас министр Абдулла Арипов басшы сыпатында қатнасыўы күтилип атыр.

Қарақалпақстан хабар агентлиги