Субсидия Қарақалпақстан аймағында жумыс алып барып атырған, бурын жулдыз категориясына ийе болмаған ҳәм 3 жулдызлы категорияға айландырылған мийманханаларға бериледи.

Министрлер Кабинетиниң «Қарақалпақстан Республикасында мийманхана хызметлерин раўажландырыў ҳәм қолайлы шараятлар жаратыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Ҳүжжет пенен 3 жулдызлыға айландырылатуғын мийманханаларға субсидия бериў тәртиби белгиленбекте.

Субсидия Қарақалпақстан аймағында жумыс алып барып атырған, бурын жулдыз категориясына ийе болмаған ҳәм 3 жулдызлы категорияға айландырылған мийманханаларға бериледи.

Субсидия муғдары – ҳәр бир хана ушын 20 миллион сум. Субсидияны алыў ушын мәмлекетлик хызметлер орайына ямаса БИМХП арқалы мүрәжат етиў керек. Субсидияны төлеп бериў ҳаққында қарар қабыл етилген күннен 10 жумыс күни ишинде қаржылар исбилерменлик субъектиниң есап номерине өткерип бериледи.

Субсидияны алған исбилерменлик субъекти мийманхана хызметин көрсетиўи ҳәм жулдызлы категорияны кеминде 5 жыл даўамында сақлап турыўы керек. Кери жағдайда, исбилерменлик субъекти алған субсидия қаржыларын қайтарыўға мәжбүр (қайтарылатуғын қаржылардың муғдары жумыстың даўамлылығынан келип шығып анықланады).

Қарақалпақстан хабар агентлиги