Президент Шавкат Мирзиёев 26-апрель күни көп квартиралы жайларды басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы презентация менен танысты.

Бүгинги күнде елимизде 37 мың 402 көп қабатлы жай, оларда 1 миллион 300 мыңнан артық квартира бар. Бул турақ жайлардың 68 процентине ширкетлер, 24 процентине басқарыў компаниялары хызмет көрсетеди, 8 процент турақ жайлар болса мүлк ийелери тәрепинен улыўма басқарылмайды.

Турақ жай мүлк ийелери ширкетлери 4 мың 430 болып, соннан тек ғана 1 мың 350и ямаса 30 проценти жақсы ислейди. Қалғаны орта ҳәм аўыр шараятта. Үйрениўлерде анықланыўынша, төлемлер бойынша тарифлердиң рентабель емеслиги, есап-санақлардың ашық-айдын емеслиги, инженерлик-коммуникация тармақларының ескиргени машқалаларға себеп болмақта. Көп ширкетлер өз ўазыйпасын орынламайды, оның ушын оларда кадрлар жетиспейди. Ақыбетинде квартира ийелериниң ширкет ҳәм басқарыў компанияларына исеними жоғалған. Төлемлердиң толық жыйналмаўы себепли дебиторлық қарыздарлығы көбейип кеткен.

Мәмлекетимиз басшысы көп қабатлы жайларда жасаўшы адамларды қыйнап киятырған бул мәселеге итибар қаратып, хызмет көрсетиў системасын жақсылаў бойынша жуўапкерлерге ўазыйпа қойған еди.

Соған муўапық, сырт  ел қәнигелерин тартқан ҳалда орынларға шығылып, халық ҳәм ширкетлердиң ўәкиллери пикир алысып, машқалалар терең үйренилди. Сырт ел тәжирийбеси тийкарында көп квартиралы жайларға хызмет көрсетиўди жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығылды.

Атап айтқанда, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлигиниң аймақлық басқармалары жанында Көп квартиралы турақ жай фондын оңлаў қорын шөлкемлестириў, оны 35 процент республикалық бюджет, 35 процент жергиликли бюджет ҳәм қалған 30 процентин мүлк ийелериниң төлеминен жыйналатуғын қаржылар есабынан қәлиплестириў режелестирилген.

Есап-санақлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде басқарыў шөлкемлери ҳәм ширкетлердиң электрон реестрин жүргизиў, ҳәр бир көп қабатлы жайға өз алдына жеке есап бет ашыў, жайдың хызмет көрсетиў аймағын анық белгилеў, мүлк ийелерине есап бериў тәртибин жетилистириў, есап-санақларға биллинг системасын енгизиў мөлшерленген.

Сондай-ақ, жаңа көп қабатлы жайлар пайдаланыўға тапсырлғанынан кейин еки жыл даўамында қурылыс шөлкеми басқарыўында болыўын белгилеў, турақ жайларды сақлаў ҳәм оннан техникалық пайдаланыў қағыйдаларын ислеп шығыў да талап етилмекте. Басқарыў компаниялары ҳәм ширкетлер хызметкерлерин оқытыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў де нәзерде тутылмақта.

Президент Шавкат Мирзиёев тараўды түп-тийкарынан жетилистирип, хызмет көрсетиў бойынша заманагөй система жаратыў бойынша тапсырмалар берди. Көп қабатлы жайларды қурыўдан алдын хызмет көрсетиўди ойлаў, турақ жайлар фонды ҳәм аймағын ақылға уғрас сақлаў керек екенлигин атап өтти.

Оңланатуғын турақ жайлар қамтылыўын кеңейтиў, басқарыў компаниялары ҳәм ширкетлер ушын маман кадрлар таярлаў бойынша да көрсетпелер берилди. Қаржы министрлигине белгиленген илажлар ушын қаржы ажыратыў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА