Президент Шавкат Мирзиёев 23-апрель күни пайтахтымызда әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары ҳәм санаат кәрханаларының жумысы менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик  жәмийетиниң Электр энергиясын есапқа алыўды автоматластырыў орайының жумысы менен танысты.

Электр энергиясы  ҳалық ушын да, экономика ушын да ең керекли дәреклерден бири болып есапланады. Оның турақлы тәмийнаты ушын болса анық есап-санақ, заманагөй технологиялар зәрүр. Сол мақсетте ҳәр бир үй, кәрхана ҳәм мәкемеге электрон есаплағышлар  орнатылмақта. Бүгинги күнде мәмлекетимиз бойынша улыўма 6 миллион 578 мыңнан аслам тутыныўшы усындай үскенелер менен  тәмийинленген.

Бул инновациялық орай қарыйдарларға заманагөй хызмет көрсетиў мақсетинде шөлкемлестирилген. 20 миллион долларлық бул жойбар Қубла Кореяның «KT Corporation» компаниясы менен биргеликте қурылған ҳәм 2020-жыл августта иске қосылған. Орайға үлкен сыйымлы серверлер орнатылған. Программалық тәмийнат 8 миллион тутыныўшыға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе. Усы модульди кеңейтиў арқалы бул көрсеткишти  20  миллионға шекем жеткериў имканияты бар.

Сондай-ақ, аймақлардағы электр тәмийнаты кәрханаларында киши «дата-центр»лер қурылған ҳәм усы орай менен байланысқан.

Булардың барлығы район, қала, ўәлаят ҳәм республика кесиминде мағлыўматларды сақлаў ҳәм қайта ислеў, саатлық, күнлик, айлық ҳәм жыллық балансларды дурыс қәлиплестириў, нәтийжеде электр энергиясының анық есабын жүргизиўге хызмет етпекте.

– Электрон есаплағышлар орнатыў аңсат, бул биринши қәдем. Ең қыйыны енди басланады. Аймақларда, узақ аўылларда есаплағышларды эксплуатациялайтуғын профессионаллар жетерли ме? Екиншиден, система сыртқы тәсирлерге қандай дәрежеде шыдамлы? Үшиншиден, кейин ала тармақ ескириўи себепли жүзеге келетуғын жағдайлар есап-санақ етилди ме? Усыларды  ҳәзирден ойлаў керек. Түсимлердиң мәлим бир процентин илимге, модернизацияға бағдарлаў зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Пүткил мәмлекетимиз бойынша бул автоматласқан системаға хызмет көрсетиўди жолға қойыў, қәнигелерди оқытатуғын ҳәм қайта таярлайтуғын орайлар шөлкемлестириў, хызметкерлерди хошаметлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Электрон есаплағышлар  биллинг системаға жалғанған болып, қарыздар тутыныўшылар  автоматик тәризде тармақтан ажыратылады ҳәм электр ҳақы төленгеннен кейин жағылады. Инсан факторы азайып, нызамсыз жалғаныўлар, коррупция жағдайларына шек қойылады. Орайда  100 ден аслам тәжирийбели қәнигелер ислемекте.

Мәмлекетимиз басшысы олар менен сәўбетлести, CAS бағдарламасының имканиятлары менен танысты.

Бул системада барлық электр станциялары, нимстанциялар, трансформаторлардың жүклемеси ҳәм оған жалғанған тутыныўшылардың саны арқалы айқын көринип турады. Ҳәр бир аймаққа бириктирилген қәнигелер  онлайн режимде пүткил мәмлекетимиздеги жағдайды бақлап барады, зәрүр ўақытта тутыныўшыларға тез хызмет көрсетеди.

Усы жерде  Электр энергиясынан пайдаланыўын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасын енгизиў жойбары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы орайдағы ситуациялық хананы да кирип көрди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2018-жыл  23-октябрьдеги «Электр  энергетикасы тармағын жедел раўажландырыў ҳәм финанслық турақлылығын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарында электрон есаплағышлы абонентлердиң қамтып алыныўын  2021-жылдың ақырына шекем  100  процентке жеткериў ўазыйпасы қойылған. Ҳәзирде бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилмекте. Электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасына  улыўма 7 миллион  418 мыңнан аслам тутыныўшыны  жалғаў режелестирилген.

Соң Президент Шавкат Мирзиёев Яшнабад районындағы Технопарктеги жаңа кәрханалардың жумысы менен танысты.

Мәмлекет басшысының  2019-жыл 1-майдағы «Санаат кооперациясын буннан былай да  раўажландырыў ҳәм талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында бул инновациялық  технопарк қурылған еди. Өткен қысқа ўақытта бул жерде заманагөй санаат тармағы жолға қойылды.

Технопарк 7 блоктан ибарат. Бул жерде улыўма баҳасы  635 миллион доллардан аслам  17 жойбар әмелге асырылмақта. Өткен жылы Технопаркте  электрон газ есаплағышлар, турмыслық  суўытқышлар, санаат кондиционерлери  ҳәм суўытыў системалары, суў насослары, лифт ҳәм экскалаторлар, форма ҳәм қәлиплер ислеп шығарыўға байланыслы алты жойбар иске қосылған.

Быйылғы жылдың басында және 4 кәрханада қурылыс-монтажлаў жумыслары питкерилди. Президент усындай жаңа қуўатлықлар – Есик ҳәм рамлар ушын фурнитуралар ҳәм аксессуарлар, Панелли ысытыў радиотарлары, Алюмин  композит панеллер ҳәм Металл конструкциялар кәрханаларында өндирис процесин көзден өткерди.

Усы күнлерде кәрханаларда сынаў режиминде  өним таярланбақта.

Кәрханаларда жумыс баслаған жаслар Технопарк оқыў орайында тәжирийбе арттырған. Ҳәзир олар бул жерге орнатылған заманагөй технологияларды  биймәлел басқармақта.

– Бул кәрханалардың, әлбетте, экономикалық әҳмийети үлкен. Бирақ мени көбирек қуўандыратуғыны жасларымыздың тәжирийбеси, исеними. Ҳәзирги жаслар оқыған ўақытларда бундай станоклар жоқ еди. Бул жумысларды 15 жыл алдын баслағанымызда балаларымыздың билими, дәрежеси  бүгин улыўма басқаша болар еди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Фурнитура ҳәм аксессуарлар жойбарының баҳасы  20 миллион доллар. Оның орнына имарат толық оңланып, Түркиядан заманагөй үскенелер келтирип орнатылған.  450 жумыс орны жаратылған. Кәрхана есик ҳәм айналар ушын жылына 6 миллион дана фурнитура ҳәм аксессуар ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Бул 10 миллион долларлық импорттың орнын толықтырыў, 3 миллион долларлық экспорт имканиятын береди.

Және бир кәрханада 5 түрли модификациядағы панелли ысытыў радиаторлары ислеп шығарылады. Оның жойбарлаў баҳасы  19 миллион доллардан аслам, қуўатлылығы жылына  640 мың дана. Европа технологиясы тийкарында  таярланатуғын бундай радиаторларға ишки базарда да, сыртқы базарда да талап  бар. Соннан келип шығып, 6 миллион долларлық импорттың орнын басыў, 8 миллион долларлықтан көбирек экспорт етиў мөлшерленген. 250 адам жумыс пенен тәмийинленген.

Алюмин композит панеллер кәрханасы да экономикалық нәтийже болып есапланады. Онда таярланатуғын  432 мың дана өним  10 миллион долларлық импорттың орнын толықтырыў, 3 миллион долларлық экспортты тәмийинлеў имканиятын береди. Оның ушын 2 миллион долларға Қытай технологиясы орнатылған. 80 жумыс орны жаратылған.

Металл конструкциялар ислеп шығарыў жойбарының баҳасы  29 миллион доллар. Соған жараса, импорттың орнын басыў дәрежеси де салыстырмалы  жоқары – 16 миллион доллар. Сондай-ақ, 1,5 миллион долларлық  экспорт та режелестирилген. Кәрханаға Италия технологиясы орнатылған болып, 3 түрли сэндвич панеллер және 2 түрдеги қара ҳәм жеңил металл  конструкциялар ислеп шығарылады. Бул жерде  350 адам ислейди.

Жаңа иске түсип атырған кәрханаларда локализациялаў дәрежеси  35-40 процентти қурайды.

Технопаркте  барлық жойбарлар иске түскеннен кейин усы жылдың ақырында 5 триллион 700 миллиард сумлық өним ислеп шығарылады, 105 миллион долларлық экспорт етиледи. 7 мыңға шамалас  адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Мәмлекетимиз басшысы соның менен шекленбестен, жаңа жойбарлар ислеп шығыў, қосымша қун жарататуғын өнимлерге итибар қаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев Яшнабад районындағы Парвоз мәҳәллесинде болып, халықтың турмысы менен танысты.

Мәҳәлле – абат ҳәм тыныш турмысымыздың бир бөлеги. Мәмлекетимиздеги тынышлық, реформалардың ең төменги буўынға шекем жетип барып, адамлардың турмысын өзгертиўи тиккелей мәҳәлле системасына байланыслы.

Ҳақыйқатында да, ҳәр биримиздиң турмысымыз, тәғдиримиз, жасаў тәризимиз, шаңараңларымыздағы мәнаўий орталық, перзентлердиң тәрбиясын мәҳәлледен бөлек түрде көз алдымызға келтирип болмайды. Мәҳәлле абат болса, инсан тыныш жасайды, үйин, босағасын, мәҳәллесин, елин абат етеди.

Мәмлекетимизде ҳәр бир мәҳәлледеги «өсиў ноқатлары»н анықлап, халықты исбилерменликке ҳәм өзин-өзи бәнт етиўге тартыў, коммуналлық машқалаларды шешип, аймағын абаданластырыў илажлары көрилмекте. Сапар ўақтында усы бағдардағы жумыслардың орынланыўына итибар қаратылды.

Парвоз Ташкент қаласындағы ең үлкен мәҳәллелерден бири –  10 мың  200ден аслам халық жасайды. Бул жерде қысқа ўақытта жергиликли бюджет есабынан кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Соның ишинде, 61-санлы  мектеп ҳәм  306-бақша толық оңланды. Мәҳәлле  аймағындағы ғәрезсизликтен алдын қурылысы басланған тасландық жабық жүзиў бассейнин оңлаўға кирисилди. Бар 41 көп қабатлы жайдың фасады  жаңаланып, балалар майданшалары қурылды, ишки жоллар толық асфальтланды.

Социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларына материаллық, медициналық ҳәм ҳуқықый жәрдем көрсетилди. Өнер ийелеўге ықласлы жаслар кәсип-өнерге  оқытылып, иске жайластырылды.

Халықты жумыс пенен тәмийнлеў мақсетинде быйылғы жылы мәҳәлле аймағында  улыўма баҳасы 73 миилиард сум болған 6 жойбарды әмелге асырыў  ҳәм 310 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Мәҳәлледе 9 аймақлық турақ жай мүлк ийеллери ширкети жумыс ислейди екен. Усы жылы январьда «Шинам уй-жой» басқарыў сервис компаниясы шөлкемлестирилгеннен соң, көп қабатлы жайларға көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы жақсыланды.

Мәмлекетимиз басшысы бул компанияның имаратын көзден өткерди.

Компания  Яшнабад районында жайласқан 4 мәҳәлледеги  103 көп қабатлы жайға хызмет көрсетеди. Ширкет имаратында күни-түни диспетчерлик хызмети жолға қойылған. 35  турақлы, 20 дан аслам мәўсимлик жумыс орны жаратылған. Имаратта «Халық банки» бөлими де  қурылған.

Президент компания имаратынан нәтийжели пайдаланыў, бул жерде ширкет жумысына кирмейтуғын, бирақ адамларды қызықтыратуғын хызмет түрлерин жолға қойыў бойынша усыныслар берди.

– Ҳәзирги шараятта не ушын «темир дәптер», «ҳаял-қызлар дәптери», «жаслар дәптери» системасын иследик? Егер мәмлекет халықтың кәмбағал қатламына, ҳаял-қызлар, жасларға итибар берсе,  ҳәкимликлер жумысын соған қарап шөлкемлестирилсе, адамларда исеним оятады. Мәмлекетке  исеним қашан болады? Мәҳәлледе өзгерис болса, – деди Президент.

Президент көп қабатлы турақ жайлар ҳәўлисинде ойнап атырған балаларға жақсы тилеклер билдирди.

– Балаларымыз саламат болып, көзлеринен нур жаўылса, мен ушын ең үлкен бахыт усы. Сизлердиң билим алыўыңыз, кәсип-өнерлер ийелеўиңиз, спорт пенен шуғылланыўыңыз ушын ҳәмме шараятларды  жаратыўға ҳәрекет етип атырмыз. Сизлер жақсы оқып, ал-Хорезмий, Мырза Улығбек бабаларымызға мүнәсип болып, ата-анаңыздың әрманларын әмелге асыратуғын инсанлар болып өсиң, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жуўапкерлерге пайтахтымыздағы барлық 524 мәҳәллени усындай абат етиў, оның ушын ҳәр бирине қаржы ажыратып, жойбарларын тастыйықлаў бойынша тапсырма берилди.

Усы жерде нуранийлар, жәмийетшилик ўәкиллери менен қызғын сөйлесиў болды.

– Уллы әййям күнлерде сизлер менен көрискенимнен қуўанышлыман. Меҳир көзде дегендей, жаслар, нуранийлар менен сөйлессем өзиме күш, үлкен режелер аламан. Адамлардың ҳәр бир сөзи маған жуўапкершилик бағышлайды. Ҳалқымызды разы етсек, иншааллаҳ, сыйлықсыз қалмайды, – деди Президент.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Матназар  ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршылары