Беруний районында 3800 гектарлық ғәлле майданында жапырақтан азықландырыў (суспензия) жумыслары әмелге асырылды.

– Суспензия жумысларына 41 бүркегиш қатнасты,-дейди «Өзагроинспекция»ның Беруний районлық бөлими инспекторы Ж.Төреев. – Районда биринши суспензия жумыслары толық жуўмақланып, ҳәзирги ўақытта екинши суспензия жумыслары даўам етпекте.

Бүркиў жумыслары өткерилип атырған ўақытта ҳаўа ашық болыўы керек. Температура 18-25 градус әтирапында ҳәм ығаллық  65 проценттен кем болмаўы тийис. Жаўын-шашын күтилген жағдайда суспензия бүркиў жумыслары 4 саат алдын жуўмақланыўы ямаса жаўын тоқтағанға шекем тоқтатып турылыўы, атызлар кепкеннен кейин әмелге асырылыўы керек.

Суспензия бийдай толық қамыс басқышына киргенде өткерилиўи лазым. Бийдайды жапырағынан азықландырыў өнимдарлықты 3-5 центнерге арттырады, дәнниң сапасын жақсылайды.

Сонлықтан, суспензия жумысларын әмелге асырыў ушын ҳәзирги ашық-жарық күнлерден утымлы пайдаланыўымыз зәрүр.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги