Қазақстанның Алматы қаласында спорт гүреслери бойынша Азия чемпионаты болып өтпекте. 14-апрель күни «Токио-2020» лицензиясы ийеси, қарақалпақстанлы Жалғасбай Бердимуратов Азия чемпионатының алтын медалын жеңип алды. Бул ҳаққында Өзбекстан Миллий Олимпия комитети хабар берди.

 

Жерлесимиз жарыста -82 кг салмақ категориясында қатнасты. Усы салмақта қатнасыўшылар саны аз болғанлықтан беллесиўлер айлана системада өткерилди. Финалда Жалғасбай қырғызстанлы Калидин Асикеевке қарсы гилемге шығып, 3:1 есабында жеңиске еристи. Атап өтиў керек, жерлесимиз айлана системасы шеңберинде усы палўанға киши есапта имканиятты берип қойған болса, финалда мүнәсип түрде реванш алды.

 

Солай етип, Жалғасбай Бердимуратов өз жеңислери қатарына Азия чемпионлығын да қосып қойды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.