Бәҳәрги күнлери өсимлик туқымларының ҳәм нәллердиң фитосанитариялық тазалығына итибар қаратыў, зыянлы организмлер менен зыянланбағанлығын тексериўден өткериў айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, өсимлик туқымлары ҳәм нәллери арқалы карантин объектлери кирип келиў қәўпи бар. Бул зыянлы организмлердиң кирип келиўи сол өсимликтиң өсип-раўажланыўына, ҳәттеки, пүткил өсимликлер дүньясы ушын зыян тийгизип, карантин астындағы өнимлердиң экспортына кери тәсирин тийгизеди.

Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен усындай жағдайлардың алдын алыў ҳәм қыслаўдан оянған зыянлы организмлердиң мәйек қойып, көбейиўинен алдын оларға қарсы гүресиў илажларын ертеден алып барыў, мийўе тереклеринде ушырасатуғын зыянлы организмлерди анықлаў мақсетинде мониторинг жүргизилип, фитосанитариялық дала қадағалаў илажлары алып барылмақта. Инспекцияның қала ҳәм районларға бириктирилген агроном-инспекторлары тәрепинен карантин объектлерин анықлаў, бақлаў, анализлеў баҳалаў ҳәм олардың тарқалыўын  прогноз етиў  илажлары өткерилмекте.

Фитосанитариялық дала қадағалаўы өсимликлердиң ҳәм өнимлердиң фитосанитариялық тазалығын тәмийинлеў, оларда өсимликлер карантини объектлериниң бар ямаса жоқ екенлигин анықлаў мақсетинде әмелге асырылып, усы илажлар өткерилгеннен кейин акт дүзиледи ҳәм әмелге асырылыўы зәрүр болған илажлар белгиленеди.

Усы жылдың биринши шереги даўамында республика бойынша 2199,4 гектар  майданда  дала  қадағалаўы  өткерилди. Бул илажларда анықланған зыянлы организмлерге тийисли тәртипте қарсы гүрес илажлары алып барылды.

Республикамыздың қала ҳәм районларындағы агроном-инспекторлар тәрепинен аймақларда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў менен шуғылланыўшы фермер, дийқан хожалықлары, ыссыханалар, декоратив тереклер ҳәм үй алды қыйтақ жер ийелериниң 5006 гектар жер майданы карантин қадағалаўынан өткерилди.

Бул илажлар даўамында карантин объектлери менен зыянланыў жағдайлары анықланбады. Егерде зыянланыў жағдайлары анықланган жағдайда әмелге асырылатуғын агротехникалық илажлар бойынша керекли түсиниклер ҳәм мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, биринши шерек даўамында агроном-инспекторлар тәрепинен аўыл-хожалық өнимлерине 1274 дана ишки фитосанитар сертификаты рәсмийлестирилди.

Бундай карантин илажлары мәмлекетимизде фитосанитариялық қәўипсизликти тәмийинлеў, ишки ҳәм сыртқы базарларымызға сапалы, зыянланбаған  өнимлер шығыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги