Өзбекстан илими аўыр жоғалтыўға ушырады.

Ири экономист илимпаз, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының академиги Владимир Васильевич Ким 2021-жыл 8-апрельде  92 жасында қайтыс болды.

В.Ким 1929-жылы 25-сентябрьде Россия Федерациясының Хабаровск үлкесиндеги Бикин қаласында туўылды. 1950-жылы Ташкент финанс-экономика институты (Ҳәзирги Ташкент мәмлекетлик экономика университети)н тамамлады.

Болажақ илимпаз өз мийнет жолын Самарқанд районында қадағалаўшы-ревизор сыпатында баслады, кейин ала Ташкент финанс-экономика институтының аспирантурасында оқыды. Дәслеп кандидатлық, соң докторлық диссетациясын қорғады. Илим тараўындағы көп жыллық жемисли мийнети себепли 2000-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзасы етип сайланды.

Талантлы илимпаз өзиниң 60 жылдан артық илимий ҳәм педагогикалық жумысы даўамында Ташкент халық хожалығы институтында (ҳәзирги Ташкент мәмлекетлик экономика университети) кафедра баслығы, профессор, проректор, ректордың мәсләҳәтшиси, Өзбекстан Илимлер академиясында философия, экономика ҳәм ҳуқық илимлери бойынша академик хаткер сыяқлы жуўапкели лаўазымларда пидәкерли мийнет етти ҳәм аўыл хожалығы тараўындағы экономикалық қатнасықлардың әҳмийетли мәселелерин изертлеў, жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў жумысына мүнәсип үлес қосты.

Академик В.В.Кимниң Өзбекстанда аграр тараўды модернизациялаў, аўыл районларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, бул бағдардағы реформалардың нәтийжесин арттырыў темаларындағы илимий изертлеўлери елимиздиң экономика илимине әҳмийетли үлес болып қосылды.

Илимпаздың аўыл хожалығы экономикасы тараўының теориялық ҳәм әмелий мәселелерине бағышланған 200 ден аслам илимий мақалалары, 10 ға шамалас монографиялары тек ғана мәмлекетимиз емес, ал сырт ел илимпазлары ҳәм қәнигелери тәрепинен тән алынған.

Жанкүйер устаз сыпатында көплеген жасларға сабақ берген илим пидайысының тиккелей басшылығында онлаған илим кандидатлары ҳәм илим докторлары таярланған.

В.В.Кимниң елимиз илимин раўажландырыў бойынша хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол «Өзбекстанда хызмет көрсеткен илим ғайраткери» ҳүрметли атағы менен сыйлықланған еди.

Белгили илимпаз, меҳрийбан устаз, кишипейил инсан Владимир Васильевич Кимниң естелиги жүрегимизде бәрқулла сақланып қалады.

 

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, Б.Йўлдошев