Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 28 жыллығына бағышланған байрам кешеси Нөкис қаласындағы 1-санлы  кәсип-өнер  мектебинде де болып өтти.

Илажға депутатлар, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери, оқыўшы-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда мектеп директоры М.Сейитбеков, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы Е.Утепов, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Г.Айымбетова, Қарақалпақстан Республикасы суды судьясының аға жәрдемшиси У.Арзыўов Конституциямыздың инсан өмири, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўдағы әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни Конституциямыз мийнеткеш ҳәм дөретиўши халқымызды уллы ҳәм ийгиликли ислерге биртлестирип, республикамыздың социаллық-экономикалық жақтан буннан былай да раўажланыўы жолында хызмет етип келмекте. Президентимиздиң республикамыздың экономикалық жақтан раўажланыўына ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге қаратып атырған айрықша итибары ҳәр биримизди дөретиўшилик жумысларға рухландырады.

Илаж соңында оқыўшы жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги