Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-апрель күни Корея Республикасы парламентиниң Миллий Ассамблеясы Спикери Пак Бён Сок басшылығындағы делегациясын қабыллады.

Делегация қурамында елимизге спикерден тысқары Қубла Корея парламентиниң мәмлекетлик басқарыў, қаржы сиясаты, санаат, саўда, энергетика, транспорт, аўыл хожалығы, экология, денсаўлықты сақлаў, мийнет қатнасықлары, мәденият, спорт ҳәм туризм сыяқлы әҳмийетли бағдарлар бойынша комитетлерине ағза 6 депутат та келген.

Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Өзбекстан Республикасы ҳәм Корея Республикасы арасындағы дослық ҳәм айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўде парламентлер әҳмийетли орын ийелеп атырғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы белсене алмасыўлардың даўам етип атырғаны, кең көлемли Өзбекстан-Корея бирге ислесиўиниң жедел раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Усы жылдың басында еки мәмлекет жетекшилериниң онлайн-саммити табыслы өткерилди.

Пак Бён Сок шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан Президентине Корея Республикасы Президенти Мун Чже Инниң сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда глобал экономикалық жағдай қыйын болып турған бир ўақытта өз-ара саўда көлеминиң сақланып қалыныўына ерисилип атырғаны атап өтилди. Кореяның жетекши компаниялары ҳәм банклериниң қатнасыўында улыўма баҳасы 3 миллиард доллардан аслам жаңа инвестициялық жойбарлар таярланды. Улыўма, Корея Республикасының елимизге инвестициялары көлеми 7 миллиард доллардан асты.

Өзбекстанда коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде кореялы шериклер тәрепинен үлкен әмелий жәрдем көрсетилгени ушын миннетдаршылық билдирилди.

Миллий Ассамблея Спикери ҳәм депутатлары еллеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарындағы жедел ҳәрекетлер ушын, сондай-ақ, Сеулдиң Корея ярым атаўындағы жағдайды тыныш жол менен шешиў бойынша ҳәрекетлери, Жаңа арқа сиясатты әмелге асырыў шеңбериндеги регионаллық басламалары исенимли қоллап-қуўатланып атырғаны ушын Өзбекстан Президентине шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

«Корея Республикасы – Орайлық Азия» бирге ислесиў форумы шеңбериндеги тығыз сөйлесиўди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, илим ҳәм мәденият, гуманитар алмасыў тараўларындағы биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери де көрип шығылды.

 

ӨзА