Қанлыкөл районындағы  «Қосжап» аўыл пуқаралар жыйыны район орайынан 35 км узақлықта жайласқан елат болып, онда 1240 хожалықта 7200ден аслам халық тыныш-татыў турмыс кеширмекте.

Аймақта 3 улыўма орта билим бериў мектеби, 2 мәмлекетлик, 1 мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, Қанлыкөл районлық мәденият бөлимине қараслы «Сарыалтын» халықтыӊ мәдений дем алыў орайы жумыс алып бармақта. Аўыл халқы тийкарынан дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен күн кеширеди.

Бәҳәр келиўи менен бул  елат халқыныӊ атыз жумысларына айланысып, үй алды қыйтақ жерлерин егиске таярлап атырғаныныӊ гүўасы боламыз.

-Бурын көп жыллар даўамында аўылхожалығында жумыс иследим,-дейди аймақ турғыны Жетписбай Баекеев.-Мине бир неше жыллардан бери 60 сотых қыйтақ жериме қарап, оннан мол дәрамат жетистирип келмектемен. Жерге ўақтында тәрбия берсеӊ, ол әрўанадай ийип пүткил шаӊарағыӊды бағады. Бизлер шаӊарақ ағзаларымыз бенен ҳәр жылы жеримизге помидор, қыяр, гешир ҳәм картошка егип,  район халқын таза ҳәм сапалы өнимлер менен тәмийинлеп атырмыз. Сондай-ақ, мийўеден алма, алмурт, ерик, шабдалы, шийе, бейи ҳәм жүзим нәллерин егип көбейтип атырмыз. Ҳәзирше жаман емес. Үйимизден тысқары қоӊсы-қоба ҳәм аўыл-аймақты тәмийинлеп атырмыз.

-Егинлерди азықландырыў мәселесин қалай шешип атырсыз,-деп сорадым оннан гәп арасында.

-Ҳәр жылы атыз жанынан 3х4 көлеминде қәндек қазып, оған қый салып ширитип, оны бир жыл даўамында көмип қоямыз ҳәм келеси жылы усы таярлаған төгинимиз бенен егинлерди азықландырып атырмыз,-дейди Жетписбай аға.

Шынында да, изленген имкан табады дегениндей, өзиниӊ үй алды қыйтақ жерин шаӊарағыныӊ тийкарғы дәрамат дәреги сыпатында пайдаланып киятырған усындай инсанлар саны бул аймақта көплеп табылады. Олардыӊ үлгили ислеринен айырым жумыссыз адамлар, әсиресе, жаслар өзлерине өрнек алса арзыйды.

 

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги