Венгрия Бас министри Виктор Орбанның елимизге рәсмий сапары шеңберинде Ташкентте 29-30-март күнлери Өзбекстан-Венгрия бизнес форумы ҳәм исбилерменлер кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Венгрия арасында өз-ара исенимге тийкарланған, жоқары дәрежели қатнасықлар жолға қойылыўы нәтийжесинде бүгинги күнде аўыл хожалығы, санаат, фармацевтика, хызмет көрсетиў сыяқлы көплеген тараўларда биргеликте ири жойбарлар әмелге асырылмақта.
Илаж даўамында Венгрия тәрепи Өзбекстанда әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың жеделлиги ҳәм нәтийжелилигине және усы мүнәсибет пенен еки тәреплеме инвестиция ҳәм саўда тараўында бирге ислесиўди хошаметлеў ушын ашылып атырған кең имканиятларға баҳа берди.
Усы көзқарастан, тәреплер еки мәмлекеттиң жеке меншик бизнес ўәкиллери арасында узақ мүддетли байланысларды жолға қойыў, Өзбекстан – Венгрия бизнес бирге ислесиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў және биргеликтеги жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыўдың исенимли платформасы сыпатында Өзбекстан–Венгрия исбилерменлер кеңеси шөлкемлестирилгенин алғыслады.
Бизнес форум даўамында аўыл хожалығы, фармацевтика, электр техникасы, тоқымашылық санааты, сондай-ақ, қурылыс материалларын ислеп шығарыў сыяқлы тараўларда бирге ислесиў перспективасы додаланды.
Венгриялы инвесторлар менен исбилерменлер Өзбекстанда тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм қоллап-қуўатлаў ушын жаратылған шараятлар, мәмлекетлик активлерди меншиклестириў ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды трансформациялаў, инвесторлардың ҳуқықларын қорғаў, экспортты хошаметлеў ҳәм бизнес жүргизиў ушын шараятларды жақсылаў бойынша енгизилген механизмлер ҳаққында толық мағлыўмат алды.
Қатнасыўшылар Өзбекстанда инвестиция ҳәм сыртқы саўда жумысын әмелге асырыў ушын белгили бир секторда жаратылған шараятлар менен толық танысыў, бирге ислесиўдиң улыўма мәплери және перспективасын додалаў ҳәм келешекте биргеликте таярлаў ушын анық жойбарлық усынысларды көрип шығыў имканиятына ийе болды.
Ҳәр еки мәмлекет Саўда-санаат палаталарының басшылары атап өткениндей, тәреплерде инвестиция ҳәм саўда-экономикалық тараўларда системалы және өз-ара пайдалы бирге ислесиўге өтиўдиң жоқары потенциалы, кең перспективасы бар. Оның ушын ҳәзирге шекем ерисилген ҳәм бул ретки келисимлерди толық, өз ўақтында турмысқа енгизиўге қаратылған еки тәреплеме келисимлерди әмелге асырыў зәрүр.
Бизнес форум ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң мәжилиси шеңберинде еки мәмлекеттиң министрликлери, уйымлары, санаат ассоцациалары, жетекши компаниялары басшыларының қатнасыўында анық бағдарлар ҳәм жойбарлар бойынша бирге ислесиўдиң әмелий тәреплерин додалаў мақсетинде «G2B» ҳәм «B2B» түринде ушырасыўлар өткерилди.
Сөйлесиў даўамында еки мәмлекет бизнес тараўының ўәкиллери қоспа кәрханалар шөлкемлестириў, өним ҳәм хызметлер алмасыў, улыўма, өз-ара саўда көлемин арттырыў ҳәм шериклик көлемин кеңейтиў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады.
Сөйлесиўлерде Венгриядан «Эксимбанк», «OTP Bank Group», «FF Fémfeldolgozó», «Oncompass», «HUN-BAS-INVEST», «Vitafort», «Hunland Trade», «MEDITOP Gyógyszeripari», «Arsisco Industrial Investment Group», «Pénzjegynyomda», «Rideg &Rideg», «Mediexan Consulting Agency» сыяқлы тек ғана мәмлекетте емес, ал пүткил Европа экономикасында салмақлы үлеске ийе болған жәми 30 ға шамалас ири компаниялардың ўәкиллери қатнасты. Өзбекстан тәрепинен болса Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда, Аўыл хожалығы, Транспорт министрликлери, Саўда-санаат палатасы, сондай-ақ, бир қатар басқа да уйымлар ҳәм тармақ бирлеспелериниң басшылары және жеке меншик сектор ўәкиллери қатнасты.
Илажлар жуўмағында Өзбекстан-Венгрия исбилерменлер Кеңеси мәжилисиниң жуўмақлаўшы протоколға, сондай-ақ, аўыл хожалығы, шарўашылық, азық-аўқат санааты, биологиялық төгинлер ислеп шығарыў ҳәм басқа да тараўларда 22 жойбарды әмелге асырыў бойынша шәртнамаларға қол қойылды.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы