Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 24-март күни «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламлары шеңберинде усы жылы әмелге асырылатуғын жумысларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Ҳәммемизге белгили, мәмлекетимиз басшысының 2018-жылдағы пәрманлары менен «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары қабыл етилген еди. Бул бағдарламалар шеңберинде 5 миллионға шамалас ўатанласымыз жасайтуғын 1 мың 200 мәҳәлле ҳәм аўылдағы шараятлар жақсыланды. Бирақ өткен жылы коронавирус пандемиясы себепли бул бағдардағы жумыслар ўақтынша тоқтатылған еди.

Бүгинги күнде елимизде шараяты аўыр болған 796 аўыл ҳәм қалаларда 188 мәҳәлле бар. 4 мыңнан аслам мәҳәллениң электр менен тәмийинлениўи қанаатландырарсыз жағдайда.

Аўылларға инфраструктура барса ғана турмыс сапасы өзгереди, исбилерменлик раўажланады. Соның ушын, быйыл «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары жаңа қатнаслар тийкарында қәлиплестирилди. Халықтың талапларынан келип шығып, 206 район ҳәм қала ҳәкимлери, жол, электр менен тәмийинлениўи, коммуналық хызмет ҳәм исбилерменликке жуўапкер басшылар менен бирме-бир сөйлесип, 8 мың мәҳәлледе орынланыўы зәрүр болған жумыслар белгилеп алынды. Онда, абаданластырыў менен бир қатарда жумыс орынларын шөлкемлестириў, халықты кәмбағаллықтан шығарыў мәселелери де нәзерде тутылған.

Мәжилисте бул бағдардағы әмелий жумыслар додаланды. Быйыл усы бағдарламалар шеңбериндеги жумысларға жәми 21 триллион сум қаратылыўы атап өтилди.

– Аўыр кризистен шыққан жылымыз, сырттан қарыз тартпастан, сонша қаржы ажыратып атырмыз. Бундай имканият Өзбекстан тарийхында болмаған. Бирақ бул пулды жойбар менен, ҳадал-пәк ислетип, елимизге мүнәсип шараят жаратыў керек,-деди Президент.

Атап өтилгениндей, буннан былай «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларына қайсы мәҳәлле ямаса аўыл киретуғынын кеңеслер белгилейди. Район ҳәм қала ҳәкиминиң экономика, қурылыс ҳәм мәҳәлле мәселелери бойынша орынбасарлары зәрүр қаржылар ҳәм әмелге асырылатуғын жумысларды анық есап-санақ етип, мәҳәлле баслығы менен бирге, аймақлық кеңеслерде қорғайды.

Жергиликли кеңеслер ҳәр бир мәҳәлле кесиминде социаллық тараў, ишимлик суўы, жол-транспорт ҳәм инфраструктуралық объектлердиң мәнзилли бағдарламасын тастыйықлайды. Қурылыс министрлиги ҳәкимликлер менен бирге олардың жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыўға жуўапкер болады.

Усы тәртип тийкарында, усы жылы бағдарламаға киргизилетуғын мәҳәлле ҳәм аўыллар, олар исбилерменликти раўажландырыўға байланыслы мәселелер өткен ҳәптеде барлық район ҳәм қала  кеңеслеринде белгилеп алынды.

Мәжилисте Министрлер Кабинети ҳәм ўәлаят ҳәкимликлерине он күн мүддетте бағдарламаға киргизилген барлық аўыл ҳәм мәҳәллелерде қурылыс жумысларын баслаў ўазыйпасы қойылды.

Социаллық-экономикалық жағдайы аўыр  325 аўыл ҳәм 71 мәҳәллени комплексли раўажландырыў мәселелерине айрықша тоқтап өтилди. Оларда ишимлик суўы ҳәм электр тармақлары, ишки жоллар, социаллық объектлер қурыў және оңлаў ушын 3 триллион 300 миллиард сум ажыратылыўы белгиленди.

Сондай-ақ, 2 мың 721 мәҳәлледеги 10 мың километрден артық ишки жолларды оңлаўға 2 триллион сум, 500 мәҳәллеге 4 мың километрден артық ишимлик суўы тармағын тартыў ушын 1 триллион сум ажыратылады.

Электр менен тәмийинлениўин жақсылаў әҳмийетли екенин турмыстың өзи көрсетпекте. Соның ушын, 5 мың 377 мәҳәлледеги 15 мың километр электр узатыў тармақлары және 4 мыңнан артық трансформаторды жаңалаў белгиленбекте. Бул елимиздеги мәҳәллелердиң 60 проценти демек. Бул илажларға дерлик 2 триллион 100 миллиард сум қаратылатуғыны айтылды.

Буннан тысқары, Жәҳән банки ҳәм Азия инфраструктуралық инвестициялар банки менен бирге, «аўыл инфраструктурасын раўажландырыў» жойбары шеңберинде Ферғана, Әндижан, Наманган, Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларындағы 21 район, 60 аўылда 485 миллиард сумлық жойбарлар басланады.

Жуўапкерлерге қаржылардан нәтийжели пайдаланып, белгиленген барлық жумысларды 1-ноябрьге шекем жуўмақлаў ўазыйпасы қойылды.

Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлигине ишки жоллар, коридорлар, социаллық объектлер ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың эксплуатация системасын жақсылаў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилисте халықтың бәнтлигин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

– «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» дегенде, тек ғана олардың жолы ямаса көринисиниң жақсыланыўы емес, ал сол жерде жасайтуғын халық дәраматының көбейиўи, социаллық объектлер толық ислениўи керек. Ең тийкарғысы, ҳақыйқый абат мәҳәлледе «темир дәптер», «ҳаял-қызлар» ҳәм «жаслар» дәптерлери  болмаўы тийис. Оның ушын, исбилерменлер менен мәсләҳәтлесип, ислеп шығарыўларды шөлкемлестириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў зәрүр. Жумсалған ҳәр бир сум инвестиция адамларымызға үш есе көп пайда келтириўи, олардың дәраматын арттырыўға хызмет етиўи керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Соның ушын исбилерменлик ҳәм бәнтлик бағдарламаларын мәҳәллеге байланыстырып, 500 мың жаслар ҳәм 200 мың ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў, «темир дәптер»ге киргизилген 300 мың халықты кәмбағаллықтан шығарыў мақсет етип қойылды.

Оның ушын усы жылы «Шаңарақлық исбилерменлик» бағдарламалары ушын 9 триллион сум ресурс қаратылыўы, сондай-ақ,  1 триллион сум қаржы есабынан 128 мәҳәлледе киши санаат зоналарының шөлкемлестирилетуғыны айтып өтилди.

Бас министрдиң орынбасарлары, Саўда-санаат палатсының баслығы ҳәм Бизнес-омбудсманға исбилерменлер менен турақлы ушырасыўлар өткерип, машқалаларын шешип бериў бойынша тапсырмалар берилди.

Бағдарламаларда социаллық тараўларды раўажландырыў илажлары да белгиленген. Атап айтқанда, «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде 379 мектеп, 171 мектепке шекемги билимлендириў ҳәм 161 медицина мәкемесин, «Абат мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде 57 мектеп, 37 бақша ҳәм 15 медицина дәргайын қурыў-оңлаў жумыслары алып барылады.

Денсаўлықты сақлаў министрлигине «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларына кирген елатлы пунктлердиң «медициналық карта»сын қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.

Сектор басшылары өзиниң аймағында орынланып атырған жумыслар бойынша жергиликли кеңеслерде және ғалаба хабар қураллары арқалы халыққа есабат бериў зәрүрлиги айтылды.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер ҳәм ҳәкимлер мәлимлеме берди.

 

ӨзА