Бекбергенов Қаллибек Кеунимжаевич ҳәм Аллияров Арысланбек Аяпбергенович Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң орынбасарлары лаўазымларына тайынланды.

Аўыл хожалығы тараўында 2009-жылдан берли хызмет етип киятырған Қ.Бекбергенов жаңa лаўазымға тайынланыўға шекем Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң бөлим баслығы болып жумыс ислеген.

А.Аллияров министр орынбасары болып тайынланбастан алдын Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы бөлими баслығы лаўазымында ислеген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.