Шымбай районы республикамызда өз орнына ийе аймақ болып табылады. Соңғы жыллары район аймағында ири өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте ҳәм оларды көрип көзиң қуўанады. Әсиресе, аймақ жаслары ушын жаңа имканиятлар есигин ашқан Жаслар орайы  барлық жасларды билим, илим ийелеп, өнер үйрениўге шақырмақта.

Шахтемир мәкан пуқаралар жыйыны аймағында қәд көтерген бул имаратта жасларымыз ушын барлық қолайлықлар жаратылған.

Атап айтатуғын болсақ, бул жерде жасларымыздың билим алыўы ушын арнаўлы ханалар ажыратылып, түрли дөгереклер жолға қойылған. Бул дөгереклерде билим алыўға қуштар жаслар  инглис, рус, түрк тиллери, математика ҳәм информатика пәнлерин тереңнен үйренбекте.

Соның менен бирге, орайда жаслардың компьютер билимлерин терең үйрениўи ушын компьютер ханасы, жасларымыздың китапқумарлық мәдениятын арттырыў мақсетинде таза ҳәм кең китапхана, түрли илаж ҳәм кешелер өткериў ушын заманагөй технологиялар менен тәмийинленген мәжилислер залы да бар.

Бундай имканиятлардың жаратылыўы жаслар ҳәм жас өспиримлердиң бос ўақтын мазмунлы өткериў менен бирге, олардың арасында түрли кеўилсиз жағдайлар болыўының алдын алады.

Усылар менен бир қатарда, орайда шымбайлы жаслардың IT тараўындағы билимлерин жетилистириў, оларды заманагөй кәсиплерге бағдарлаў мақсетинде, IT курслары ҳәм бир қанша дөгереклер де жолға қойылған.

-Бизиң мақсетимиз районымыздағы жаслардың IT тараўын үйрениўи арқалы елимиздеги IT қәнигелерин көбейтиў. Бул жерде жаслар сайт жаратыў, робот ислеў, бағдарлама ислеп шығыў, графикалық дизайн ҳәм компютер технологияларын үйрене алады. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта ен жайған заманагөй кәсиплер Социаллық Медиа маркетинг (СММ) ҳәм мобилография бойынша жасларымызға билим бериледи. Бүгинги күнде жасларымыздың бул тараўға қызығыўшылығы жоқары. Оларға билим бериў менен бирге тәжирийбе топлаў ҳәм елимизде жаңа бағдар болған freelancer сыпатында жумыс ислеўди де үйретпектемиз. Оқыўшыларымыз өз билимлерин жетилистириў арқалы түрли мәмлекетлердеги компаниялар менен бирге ислеспекте, тәжирийбе алмасып жаңа билим алмақта. Нәтийжеде районымыз жаслары арасында жумыссызлық машқаласы азайып IT тараўына қызығыўшылар көбеймекте -дейди Жаслар орайында IT тараўын оқытып атырған Sirius IT academy оқыў орайы ис басқарыўшысы Гулчеҳра Айтмуратова.

Жаслар сиясаты елимизде мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, олар ушын жаңа имканиятлар жаратылмақта. Шымбай районындағы Жаслар орайы аймақ жаслары ушын көплеген имканиятлар жаратты. Олар бул имканиятлардан дурыс пайдаланып, жетискенликлерге ерисетуғынлығына исенемиз.

Шахноза Оразымбетова,

Бердақ атындағы ҚМУ ның Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги