Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пуқаралардың машқалаларына шешим табыў бойынша өткерилген жеке қабыллаўларда билдирилген мүрәжатларды ҳәм олардың унамлы шешилиўин орнына барып көриў мақсетинде Шымбай районындағы бир қатар пуқаралар жыйынларында болды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Дослық, Гүжимли, Бахытлы, Кеңес, Тағжап аўыл пуқаралар жыйынлары турғынлары менен жақыннан пикирлести.
Пуқаралар тәрепинен ишки жолларды оңлаў, электр бағаналарын ҳǝм сымларын жаңалап бериў ҳәм турақлы тǝмийинлениўин жақсылаў, ишимлик суў тармағын тартыў, артезиан қудықларын қазып бериў сыяқлы бир қатар мәселелер бойынша ǝмелий жǝрдем сорап билдирген мүрǝжатлары қадағалаўға алынып, тийисли тапсырмалар берилген еди. Бүгинги күнде бул мәселелердиң көпшилиги өз шешимин тапқан. Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәр бир көтерилген мәселени көрип шықты ҳәм ўақыт талап етилетуғынлары бойынша анық тапсырмаларды берди.
Пуқаралар да мүрәжатлары итибардан шетте қалмай республика басшысының өзи келип үйренип ҳәм қадағалаўға алып атырғанлығын, сондай-ақ, бул машқалалардың өз шешимин табыўда Президентимиздиӊ тиккелей тапсырмасы тийкарында жумыслар шөлкемлескенлик пенен алып барылып, “Инсан қәдири ушын” деген ийгиликли идея тийкарындағы реформалар ҳәр бир пуқараның бүгинги турмысына кирип барып атырғанлығын айрықша қанаатланыўшылық пенен тилге алды. Соның менен бирге, усындай әдил ҳәм узақты гөзлеген сиясаттың басламашысы болған Президентимизге өз миннетдаршылығын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги