Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районы дийқан базарында болып, халыққа ҳәм сатыўшыларға жаратылып атырған шараятлар менен жақыннан танысты.

Базар аймағын көзден өткериў ўақтында жуўапкерлерге инфраструктураны еле де жақсылаў, қарыйдарлар ҳәм сатыўшыларға қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, бул бағдардағы әмелге асырылыўы керек болған илажлар бойынша анық тапсырмалар берилди.

Дийқан базарлары бүгинги күнде халықты азык-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўши тийкарғы орын сыпатында әҳмийетке ийе болып табылады. Бүгинги күнде халыққа сапалы базар хызметин усыныў бағдарында барлық қолайлықларға ийе ири көлемли жабық саўда комплекси қурылыўы режелестирилген ҳәм қурылыс жумыслары баслап жиберилген. Жәми 30 миллиард сумлық жойбар шеңберинде көп қабатлы саўда орны имараты, автомашиналар турар орны ҳәм басқа да қолайлықлар жаратылады. Жоқарғы Кеңес Баслығы жуўапкерлерге саўда комплекси қурылысыныӊ жумысларын жеделлестириў ҳәм жойбар басламашыларына жәрдемлесиў бойынша тапсырмалар берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги