Қарақалпақ тил билими кафедрасының профессоры, филология илимлериниң докторы Шамшетдин Абдиназимов ҳәм Хожаахмед Толыбаевлардың авторлығында жоқары оқыў орынларының магистратура басқышы 5A120102 – Лингвистика  қәнигелигиниң магистрантлары ушын таярланған «Lingvokulturologiya» атамасындағы жаңа оқыў қолланбасы 10 баспа табақ көлеминде «Qaraqalpaqstan» баспасында басылып шықты.

Бул оқыў қолланба Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги жанындағы оқыў-методикалық бирлеспелер жумысын Муўапықластырыўшы кеңесте қарап шығылып, министрликтиң 2020-жыл 30-июньдеги 359-санлы буйрығы тийкарында басып шығарыўға руқсат берилген. «Lingvokulturologiya» оқыў қолланбасы магистратура басқышы Лингвистика (қарақалпақ тили) қәнигелигиниң мәмлекетлик билимлендириў стандарты ҳәм үлги оқыў режесине сәйкес таярланған.

Оқыў қолланба қарақалпақ тил билиминиң жаңа – лингвокультурология тараўы бойынша туңғыш мәрте таярланып, жарық көрди.

 

Г.Алламбергенова, 
ҚМУ дың Қарақалпақ тил билими

кафедрасы ассистенти, PhD

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги