Өз денсаўлығын жақсылаў ушын ҳаялларға темир, лецитин, клетчатка ҳәм йодқа бай азық-аўқат өнимлери, сондай-ақ, С ҳәм В витаминлерин пайдаланыў усыныс етиледи. Бул ҳаққында 8-март күни россиялы қәниге Маргарита Макуха мәлим етти.

Сол тәризде, ҳаялларға майсыз мал гөши, баўыр, какао, теңиз шөплери ҳәм гүнжини жеў мәсләҳәт бериледи – бул өнимлердиң қурамында темир көп.

«Ҳаяллардың тағамнамасы өзине тән өзгешеликлерге ийе – олар белгили бир муғдардағы витамин ҳәм минералларға талап сезеди. Темирге бай азық-аўқат өнимлерин жеў керек. Олар анемияның раўажланыўына жол қоймайды ҳәм жүрек-қан тамыр системасының жумысын қоллап-қуўатлайды»,-дейди шыпакер-диетолог.

Сондай-ақ, ҳаялларға май кислоталарына бай теңиз балықларын жеў усыныс етиледи. Олар гормонлардың нормал синтезине жәрдем береди және тери менен шаштың саламат ҳәм гөззал болыўын тәмийинлейди.

Ҳаял саламатлығы ушын және бир әҳмийетли элемент йод есапланады. Ол теңиз шөплери, қысқышбақа, кальмар ҳәм фейхоа қурамында бар. Бул өнимлер тек ғана организмдеги метобологиялық процесслерди жақсылап қоймастан, ал рак кеселлигине қарсы профилактикалық тәсир көрсетеди.

Жынысый гормонлардың нормал ислеўи ушын ҳаяллардың аўқатлық рационында мәйек ҳәм өсимлик майы болыўы керек – олардың қурамында лецитин бар. С ҳәм Е витаминлерин цитрус мийўелер, ысмалақ ҳәм гречихадан алыў мүмкин.

Болажақ аналардың тағамнамасында фолат кислотасы болыўы керек – ол баўыр, ысмалақ, ғоза, фундук, майлы творогтың қурамында бар.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги