Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў бойынша улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында жәрияланған шығармалар таңлаўының қалалық ҳәм районлық басқышлары шөлкемлескенлик пенен өтпекте.

Буннан гөзленген мақсет, елимизде өсип киятырған жас әўладтың коррупцияғы қарсы ҳуқықый сана ҳәм мәдениятын арттырыў, оларды нызамларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў болып табылады.  Орынларда өткерилип атырған басқышлар жасларымыздың бул иллеттиң жәмийетимиздиң раўажланыўына кери тәсири туўралы хабардарлығының жоқар екенлигин көрсетпекте.

Буны партияның Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Қараөзек районлық Кеңеслери тәрепинен өткерилген районлық басқышының жуўмағынан көриўимизге болады. Бүгинги күни районда 1 рус тилине, 30 қарақалпақ тилине, 2 қазақ тилине қәнигелестирилген мектеп болып, оқыўшыларға тәлим-тәрбия берилмекте. Таңлаўдың районлық басқышында 9-11-класслардан 125, 6-8-класслардан 395 оқыўшы қатнасты.

Жеңимпазларды партияның районлық Кеңесиниң, халық билимлендириў бөлиминиң ўәкиллери, депутатлар қаутлықлап, оларға диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги