Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары, Исбилерменлер ҳәрекетизбекстан Либералдемократиялық партиясы фракциясының баслығы Актам Хайтов Әмиўдәрья районына сапары ўақтында «Расулов Еркин асалчи» фермер хожалығына қараслы пал ҳәррешилик кластериниң жумысы менен танысты.

«Расулов Еркин асалчи» фермер хожалығы районда пал ҳәррешилигине қәнигелестирилген агрокластери болып табылады. 2019-жылы шөлкемлестирилген бул кластерде ҳәр мәўсимде 30-40 жас оқытылып, олардың ҳәр бирине тәрбиялаўы ушын 4 пал ҳәрре уясы берилмекте. Бул хожалық субъектинде жантақтың гүлинен жоқары сападағы шыпалы ҳәм жүдә пайдалы  пал таярлаў жолға қойылған болып, олар дүнья базарында өтимли есапланады.

Буннан тысқары кластерге Қытай мәмлекетинен қадақлаў цехлары алып келинип, ҳәзир бул жерде 20 адам мийнет етпекте. Пал ҳәррешилиги агрокластерин шөлкемлестириў ушын 1 миллиард 200 миллион сум жеңилликли қаржы ажыратылды.

Спикер орынбасары кластер жумысы менен жақыннан танысып, жас пал ҳәррешилерди оқытыў ҳәм оларды жумысқа қабыл етиў бойынша жолға қойылған бул жаңа тәжирийбени қоллап-қуўатлады. Республикамызда тараўды еле де раўажландырыў бойынша өзиниң пайдалы пикир-усынысларын билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги