4-5-март күнлери Қазақстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ерали Тугжановтың басшылығындағы делегация мәмлекетимизде болды.

Сапардың екинши күнинде мийманлар пайтахтымыздағы Президент мектебине барды.

Мәмлекетимиздеги  Президент мектеплери жаңа әўлад кадрларын тәрбиялаўда әҳмийетли тийкар болатуғынына гүман жоқ. Бундай оқыў орайлары талантлы балаларды анықлаў, алдынғы технологияларды қолланған ҳалда оларға күшли сабақ  ҳәм тәрбия бериў бойынша жаратылған бир система тийкарында жүзеге келмекте. Бул мектеплерде билимлендириў процеси раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылған оқыў реже ҳәм бағдарламалары бойынша инглис тилинде алып барылады. Ташкент қаласындағы Президент мектеби, әне, усындай илим орайларының бириншиси болып табылады.

Мийманларға усы оқыў орайы ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Бул  жерде ең талантлы ул-қызлардың жасаўы, оқыўы, дем алыўы, бос ўақтын мазмунлы өткериўи ушын жаратылған қолайлы шараятлары менен таныстырылды. Сабақ таярлаў, сабақтан тысқары оқыў, басқа да түрли шынығыўлар менен шуғылланыў, аўқатланыў, дем алыў ҳәм жатақ ушын мөлшерленген барлық ханалар, имарат ҳәм комплекслер бир-бирине үйлесикли, ең соңғы заманагөй талаплар дәрежесинде қурылған, мектеп барлық зәрүр ҳәм алдынғы технологиялар тийкарында оқыўлық үскенелер менен тәмийинленгени делегация ағзаларында үлкен тәсир қалдырды.

Буннан кейин Қазақстан делегациясы Балалар миллий медицина орайына барды. Төрт қабатлы, заманагөй жаңа имаратта жайласқан усы комплекстиң қурамында балаларға медициналық  хызметтиң  ҳәр қыйылы түрли түрлери ҳәм басқышлары усынылатуғын хирургия орайы, нейроорай, кардиоорай, гемодиализ, радиология, нулкеар медицина, уро-нефро орай сыяқлы  10нан аслам бөлимлер, поликлиника, лаборатория, тез жәрдем хызмети, дәрихана және «KOICA» оқыў орайы жумыс ислейди. Бул жерде қарыйдарлар ушын буфет бар, балалар ушын ойын майданшасы таярланған.

– Биз оғада заманагөй, балаларға медициналық хызмет көрсетиў сапасын арттырыў мақсетинде қурылған әжайып комплексти тамаша еттик, – дейди Қазақстан Республикасының денсаўлықты сақлаў министри Алексей Цой. –Бул емлеўхана ең алдынғы халықаралық нормаларға жуўап бере алатуғынлығы айқын көринип турыпты. Бул жердеги бөлимлердиң барлығы ең соңғы әўладқа сай, жаңа технологияларға тийкарланған медициналық үскенелер менен тәмийинленген. Ҳәммеге белгили, бул жағы медицинада да оғада әҳмийетли, яғный ҳәзирги дәўирде заманагөй әсбап-үскенелерсиз ҳеш бир тараўда жоқары нәтийжелиликке ерисип болмайды. Мен бир неше шыпакер менен сәўбетлесип, қәниге сыпатында исеним билдирдим, орайда жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң тәжирийбеси де бүгинги күнниң талапларына толық сәйкес келеди. Балалар ҳәр қандай мәмлекеттиң келешеги болып табылады. Сонлықтан медицина тараўының ўәкиллери олардың саламатлығын қорғаў  бәрқулла ең тийкарғы ўазыйпалардан бири, деп биледи. Қалаберди, Өзбекстанның  раўажланыўының ийелери болған жас әўлад ушын жаратылған, мине, усындай шараятлар делегациямыздың ағзаларын оғада қуўантты. Биз орайға өз перзентлерин жетеклеп келген аталар, аналар усынылып атырған хызметтен қанаатланғанына гүўа болдық. Ең әҳмийетлиси, адамлар мәмлекет ҳеш қашан өз перзентлерин итибарсыз қалдырмайуғынлығын, оларға ҳәмийше  шексиз ғамхорлық  көрсететуғынлығын шын жүректен сезип турыпты. Бул халықтың саламатлығын сақлаў мәмлекетте ең  тийкарғы бағдарлардан бири етип белгиленгенинен дәрек береди.

Балалар миллий медицина орайынан  бай тәсирлер менен қайтып, Қазақстан Республикасы  Бас минисрининң орынбасары Ерали Тугжанов комплекстиң ҳүрметли мийманлар китабына қол таңба жазып қалдырды.

Туўысқан мийманлар ушын дүзилген бағдарламадағы гезектеги мәнзил пайтахтымыздағы Шайх Хованди Тоҳур ҳәм Төлебий мектеплери болды.

Ташкент қаласының Шайхантоҳур районындағы Шайх Хованди Тоҳур комплекси аймағында, әййемги қойымшылықтың арқа бөлегинде жайласқан  Төлебий (Қалдырғашбий)  мақбарасы пискен гербиштен, шертек тарҳли, еки қабат гүмбезли етип қурылған. Бизге белгили, бул еки шахс қазақ досларымыз ушын бийгана емес. Қазақстан Республикасының Түркистан ўәлаяты тарийхындағы ең уллы шахслардан бири Ҳожа Аҳмад Яссавий, Шайх Хованди Тоҳур ҳәм Төлебий Алийбий улы (Қалдырғашбий) мәнаўий және руўхый дүньясы бир-бирине жақын, исеними, турмыслық принциплери, жумыс бағдарлары бирлескен  илимпазлар еапланады. Шайх Хованди Тоҳур бабамыз пүткил өмири даўамында елди тынышлыққа шақырған. Төлебий Алибий улы (Қалдырғашбий) да хылықларымыздың аўызбиршилиги жолында бийбаҳа  хызмет етип, елди бирликке баслаған.

Халықларымыз уллы  ата-бабаларын бәрқулла ҳүрмет етип келген. Өзбекстан жеринде жерленген қазақ халқының әдиўли перзенти өз дәўириниң белгили қазысы  сыпатында танылған Төлебий «Жети Жарғи» нызамлар топламын дүзген авторлардан бири болып есапланады. Оның  ўәсиятына бола пир Шайх Хованди Тоҳур қойымшылығы жанына жерленген.

Кейинги жылларда Өзбекстан жеринде мәңги жерленген қазақ халқының уллы перзенти Төлебий мақбарасын абаданластырыўға айрықша итибар қаратылды. Мақбара қайта оңланып, муқаддес зыярат орнына айландырылды. Еки халықтың аўызбиршилигин  тәмийинлеў жолында исленип атырған жумыслар бурынғы дослығымызды және де беккемлемекте.

Мийманлар еки уллы шахстың зыярат орынларын зыяратлады.

Сапар шеңберинде Инновациялық раўажланыў министрлигинде мәмлекетимиз Бас  минитсриниң орынбасары Беҳзод Мусаевтың қатнасыўында болып өткен ушырасыўда мийманларға Өзбекстан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасы менен биргеликте коронавирусқа  қарсы ислеп шығылған ZF-UZ-VAC 2001 вакцинасы бойынша презентация өткерилди.

Бизге белгили, Қытайдың «Zhifei Longcom Biopharmaceutical Co.,Ltd» компаниясы Өзбекстанның коронавирусқа қарсы вакцина жаратыўдағы үлеси ҳәм ҳәрекетлерин инабатқа алып, «ZF 2001» вакцитнасын бирге жаратқан автор мәмлекет сыпатында белгиледи. Соннан кейин жаңа вакцинаны «ZF-UZ-VAC 2001» атамасы менен биргеликте шығарыў ҳәм пайдаланыўға келисилди.

Презентация ўақтында усы препаратты жаратыўда тиккелей қатнасқан қәнигелер вакцинаны ислеп шығыў процеси, белгилери, халықты коронавирусқа қарсы ғалаба шаншыў ҳәм вакцинаны локализациялаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында толық айтып берди.

Мәмлекетимизде усы вакцинаның барлық қәўипсизлик көрсеткишлери сынақтан өткерилди, унамлы нәтийжелер және Этика комитети арнаўлы жуўмақлары тийкарында халық арасында үшинши басқыш клиникалық сынақларға бағдарланды.

Бүгинги күнге шекем клиникалық сынаў талабына муўапық,  10 мыңға шамалас волонтер шаншылған, оларда унамсыз тәсирлер бақланбаған. Бүгинги күнде Өзбекстанның  өз вакцинасын жаратыў жолында табыслы излениўлер алып барылып атырғанлығы ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Қазақстан делегациясының басшысы Өзбекстан COVID-19 ға қарсы вакцина жаратыўға келискен санаўлы мәмлекетлерден бири екенлигин тән алып, бул бағдарда ерисилген нәтийжелерди жоқары баҳалады.

Усы күни қазақстанлы мийманлар Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы  орайы  ҳәм «AKFA Medline» жеке меншик көп тармақлы медицина орайын да барып көрди.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы