Соңғы жылларда елимизде ҳаял-қызларды социаллық қорғаў, исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде мийнет пенен бәнт халықтың 45 процентин ҳаял-қызлар қурап, басқарыў системасында да олардың үлеси күннен-күнге артып бармақта. Әсиресе, исбилермен ҳаял-қызлардың саны күннен-күнге көбеймекте.

«Қанлыкөлли Тазагүл» шаңарақлық кәрханасының баслығы Тазагүл Төремуратованың мысалында буны айқын көриўимизге болады.

Тазагүлди бес жыл бурын аўылдағы таныс-билислер, туўған туўысқанларынан басқа ҳеш ким жақсы танымайтуғын еди. Өзиниң билими, мийнеткешлиги арқасында ол бүгинлигинде тек аўылда яки районда емес, ал республикамыз көлеминде көзге түскен исбилерменлер қатарына илинди.

Оның менен сәўбетлескенимде, оның бул дәрежеге жетиўи де аңсатлық пенен болмағанлығының гүўасы болдым.

  • Мен, райондағы «Қосжап» АПЖға 1990-жылы келин болып түскен едим,-дейди Тазагүл Төремуратова. – Еки жыл төсек тартып жатып қалған Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы, биринши топар майыбы болған атама қарадым. Ол қайтыс болғаннан кейин райондағы 4-санлы улыўма билим бериў мектебинде 11 жыл муғаллим болдым. 7 жыл почта тараўында жумыс иследим. Қысқартыўлар болыўына байланыслы жумыстан шығып қалып, Россия Федерациясына шаңарақ ағзаларымыз бенен бирге кетип қалдық. Ол жерде 3 жыл жумыс ислеп қайттық.

Елден узақта жүрип көп қыйыншылық көрдик, көше сыпырдым, пол жуўдым. Қулласы табылған талапты иследик. Бирақ, ол жерлердеги исбилерменлерди көрип көп нәрсе үйрендим.

2015-жылы үйге қайтқаннан кейин ойландым. Елде жүргенге не жетсин. Биреўдиң қолына, бергенине қарап не қылайын. Өзимниң билимим, тәжирийбем менен, өз аўылымда исбилермен болып жумыс ислеўиме барлық имканиятлар бар-ғой, дедим. Солай етип, 2015-жылы исбилерменлик жумысымды басладым. Россиядан таўып келген ақшаға 2016-жылы районда бос турған еки қабатлы имаратты сатып алдым ҳәм шаңарақлық кәрхана ашып жумысларымды кеңейттим.

Аўқатланыў, саўда тараўларын раўажландырыў ушын 18 процентлик 180 миллион сумлық кредит алып, нан өнимлерин таярлаў, кийим-кеншек тигиў цехын да аштым.

Алдын тек бир өзим жумыс баслаған болсам «Қанлыкөлли Тазагүл» шаңарақлық кәрханасын ашып, шаңарақ ағзаларымды, бир қатар жумыссыз ҳаял-қызларды, жасларды да жумысқа тарттым.

Және бир имканияттан пайдаланып қалайын, аўылдағы адамларға да жәрдем болсын, деп 2018-жылы 1 миллиард 590 миллион сумлық кредит алдым. Аўылдағы адамлардан жумысшы жаллап еки қабатлы 50 орынлық «Нәўше» мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин төрт ай ишинде қурып пикердик. Бул жерде 9 ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленип, ҳәзирги ўақытта бул жерде 70ке шамалас бала тәлим-тәрбия алмақта.

2019-жылы талап күшли болғанлығы себепли тигиў цехын кеңейттим ҳәм 9 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди. Сондай-ақ, автомобильлерге хызмет көрсетиў  шақапшасын да аштым. Бул жерде де 4 адам жумыс пенен тәмийинленди.

2020-жылы 22 процентлик 100 миллион сум кредит алып, Қытайдан сүт өнимлерин қайта ислеўге арналған үскенелер сатып алдым. «Сүт өнимлерин қайта ислеў» кәрханасын иске түсирдим. Ол жерде «Темир дәптер»де бар 9 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди. Бул жерде сүт өнимлеринен қаймақ, қатық, сметана, йогурт, сүзбе, творог өнимлери ислеп шығарылмақта. Өнимлеримиз тек Қанлыкөл районындағы дүканлар менен шекленбей, басқа жақын районларда да, Нөкис қаласында да сатылмақта.

Ҳәзирги ўақытта, буннан бес жыл алдын тәўекел етип, өз жумысымды баслағаныма қуўанышлыман. Себеби, жумысты дәслеп өзимизге дәрамат табыўды ойлап баслаған болсам, бүгинлигинде көплеген аўылласларым жумыс пенен тәмийинленип, қазаны қайнап турыпты.

Биз де Тазагүл Төремуратованы «8-март – Халықаралық Ҳаял-қызлар күни» байрамы қарсаңында байрам менен қызғын қутлықлап, жумысларында табыслар тилеймиз.

Елимиздиң гүллеп-раўажланыўына өз үлесин қосып атырған усындай ҳаял-қызларымыз аман болсын.

 

Әдилбай Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги