Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда республикамызда коронавирус инфекциясы мәмлекетимизге кирип келгеннен баслап, усы күнге шекем 878 наўқас дизимге алынған, соннан 98 проценти саўалған.

Биз республикамыздағы ҳәзирги эпидемиологиялық жағдай туўралы Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы баслығының биринши орынбасары В.Абсаттарова менен сәўбетлесип, ҳәзирги ўақытта көпшиликти қызықтырып атырған сораўларға жуўап алдық.

COVID19 бойынша бүгинги улыўма жағдай қандай?

– Коронавирус инфекциясы бойынша эпидемиологиялық жағдай 2021-жылдың март айына келип турақласты. Февраль айында кеселлениў әдеўир азайып, дизимге алынған кеселлениў жағдайлары тек сырт елден елимизге кирип келген пуқаралар арасында ғана анықланған ҳәм емлеўханаларда жатқарылған.

Соны да айтып өтиў керек, бүгинги күнге келип республикамызда коронавирус инфекциясын емлеў ушын ажыратылған ўақытша емлеў орынларының жумысы тоқтатылды.

Кеселликти ерте анықлаў бойынша республикамыз аймағында кеселлик ҳәўиж алыў пайытында 11 орында полимераза шынжырлы реакция (ПЦР) тексериўи әмелге асырылды. Ҳәзирги ўақытта 6 (ПЦР) лаборатория жумыс ислеп турыпты, қалғанлары таяр ҳалда сақланбақта.

– Базарларда, жолаўшы тасыўшы транспортларда ҳәм басқа да адам көп топланатуғын жәмийетлик орынларда нықап тақпай жүриў, дезинфекциялаў жумыслары алып барылмай атырған жағдайларды қаншелли дурыс яки надурыс деп ойлайсыз?

– Шынында да, ҳәзирги ўақытта көпшилик пуқараларымыз арқайынлыққа берилип, олардың жәмийетлик орынларда нықап тақпай жүриў жағдайлары көп ушыраспақта. Әлбетте, бул надурыс. Себеби, коронавирус инфекциясы мәмлекетимизден еле толық жоғалғаны жоқ. Бундай кеселликке шалынған адамды сыртқы көринисинен айырыў қыйын. Жөтелип, түшкирип ямаса сөйлеп атырған наўқастан ажыралып шығып атырған вирустан қорғаныўда биринши гезекте медициналық нықаплардан пайдаланыў мақсетке муўапық болады.

Коронавирус инфекциясы мәмлекетимизге кирип келген ўақытта бизиң мәмлекетимизде де дүньяның алдынғы мәмлекетлеринде коронавирус инфекциясына қарсы алып барылып атырған профилактикалық илажлар бойынша қолланбалар әмел етилип, жәмийетлик орынларда профилактикалық дезинфекциялаў жумыслары күшейтилген тәртипте алып барылды.

Бүгинги күнге келип коронавирус инфекциясы бойынша эпидемиологиялық жағдайдың турақлылығын, вирус анықланған наўқаслардың дерлик жоқ екенлигин есапқа алып жәмийетлик орынларда профилактикалық дезинфекциялаў жумысларын жүргизиў, яғный, вирус жоқ жерлерге дезинфекциялаўшы затларды қолланыў надурыс болып есапланады. Санитариялық-эпидемиология хызмети тәрепинен дезинфекциялаў жумыслары тийкарынан коронавирус ҳәм басқа да жуқпалы кеселликлер анықланған кеселлик орайларында әмелге асырылмақта.

– Өзбекстанда усы күнге шекем сырт еллерде ислеп шығарылған коронавирусқа қарсы вакциналардың қайсы түрлери үйренип шығылды? Нәтийжелери қандай? Республикамыз халқын ғалаба шаншыў вакциналардың қайсы түри менен өткериледи ҳәм қашан басланады?

– Мәмлекетимизде коронавирус инфекциясы бойынша эпидемиологиялық жағдайға байланыслы эпидемиологиялық турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде, халықты ғалаба шаншыў илажларын жедел шөлкемлестириў зәрүрлиги туўылмақта.

Қытай Халық Республикасының «ZF-UZ-VAC 2001» вакцинасы клиникалық сынаўлардан унамлы өткенлиги итибарға алынып, усы вакцина бизиң мәмлекетимизге алып келинбекте.

Буннан басқа, Россия Федерациясы, Уллы Британия ҳәм Ҳиндстан мәмлекетлеринде ислеп шығарылған вакциналарды да сатып алыў бойынша илажлар көрилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы халқын коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў ушын вакциналарды усы жылдың март айы орталарында алып келиў ҳәм өткериў режелестирилген.

Ҳәзирги күнде 18 вакцина тасыўшы автотранспорт, музлатқышлар, медициналық әсбап-үскенелер, медицина хызметкерлерине жеке қорғаныў кийимлери алып келинди ҳәм Нөкис қаласына ҳәм районларға тарқатып берилди. Нөкис қалалық ҳәм барлық районлық медицина бирлеспелерине қараслы амбулаториялық-поликлиникалық мәкемелерде шаншыў пунктлери таярланды. Медицина хызметкерлерин керекли таярлықтан өткериў, шаншылыўы тийис адамлардың дизимин алыў ҳәм басқа да шаншыўға байланыслы тийисли таярлық жумыслары алып барылмақта.

– Вакцина менен емлеў жумыслары қандай тәртипте алып барылады? Төлемли ҳәм төлемсиз түрде шаншыўдың тәртип-қағыйдалары қандай?

– Коронавирус инфекциясына қарсы шаншыўдағы тийкарғы мақсет – коронавирус инфекциясы менен кеселлениў ҳәм усы кеселлик асқыныўларынан өлим жағдайларының алдын алыў болып табылады.

Коронавирус инфекциясына қарсы шаншыўды әмелиятқа енгизиў ҳәм шаншыў илажлары басқышпа-басқыш алып барылады.

Вакцинаға болған талапты итибарға алған ҳалда, COVID-19 жуғыў қәўпи  жоқары болған халық қатламын биринши гезекте шаншыў режелестирилген. Ал, басқаларды кейин имканияттан келип шыққан ҳалда шаншыў режелестирилиўи мүмкин.

COVID-19 жуғыў қәўпи жоқары болғанларға; 65 жастан үлкен жастағылар, медицина хызметкерлери, созылмалы кеселликлери бар адамлар, Қураллы Күшлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери, журналистлер, блогерлер ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары хызметкерлери, транспорт хызметкерлери (аэропорт, темир жол вокзаллары), мектепке шекемги билимлендириў ҳәм улыўма билимлендириў мәкемелеринде жумыс ислеўшилер киреди.

Усы «қәўип топары»на кириўши адамларға шаншыў төлемсиз өткериледи.

Шаншыўды төлемли шөлкемлестириў арнаўлы лицензияға ийе жеке тәртиптеги мәмлекетлик емес емлеў-профилактикалық мәкемелеринде Өзбекстан Республикасында рухсат етилген вакциналар менен әмелге асырыўына рухсат етилген.

Гезексиз, ықтыярлы түрде шаншыўды қәлеўши пуқаралар, хызмет сапарына баратырғанлар, сырт еллерде жумыс ислеўшилер шаншыўды төлемли түрде әмелге асырыўына болады.

– Усы күнге шекем республикамызда коронавирус кеселлигинен емленип шыққан пуқараларда коронавирусқа қарсы иммунитет бар ма ҳәм олар вакцина салдырыўы шәрт пе?

– Коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў мәжбүрий емес.

Коронавирустан саўалғанларда кеселликке қарсы иммунитет пайда болады, бирақ бул ўақтынша. Илимий жақтан жаңа, еле толық үйренилмеген кеселлик болғанлықтан, кеселленип саўалғаннан соң иммунитеттиң қанша мүддет даўамында сақланып турыўы анық емес, бул бойынша изертлеўлер даўам етпекте.

Коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў қағыйдаларында коронавирус инфекциясы менен наўқасланып саўалғаннан кейин 6 ай өткеннен соң ҳәм короновирусқа шалынған наўқаслар менен қатнаста болғанлар, карантин мүддети тамамланғаннан соң шаншылыўы белгиленген.

 

Сәўбетлескен:    Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы