USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 27 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСТИҢ БАСЛЫҒЫ ЖАҢАДАН ҚУРЫЛАТУҒЫН ОБЪЕКТЛЕР МЕНЕН ТАНЫСЫП, ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Беруний районында болып, жаңадан қурылатуғын объектлер менен танысты.

Атап айтқанда, Абай аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «LIDER GIPS» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен  гипсокартон ислеп шығаратуғын завод қурылысының ирге тасы қаланды. Бул объекттиң баҳасы 22 миллиард 704 миллион сум болып, жойбардың иске түсиўи менен 45 жаңа жумыс орны жаратылады.

Усы күни район белсендилери ҳәм нуранийлардың қатнасыўында және бир объекттиң қурылыс жумыслары басланды. «BERUNIY BUG’DOY CLUSTER» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы бул ун заводының жойбар баҳасы 33,5 миллиард сум болып, оны усы жылдың ақырына пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Нәтийжеде 200 адамның бәнтлиги тәмийинленеди.

Усы күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Беруний районындағы Мәденият сарайында Елликқала, Төрткүл ҳәм Беруний районының жаслары менен ушырасты.

Мәденият сарайынын фойесинде түрли миллет ўәкиллериниң қосық ҳәм аяқ ойынлары атқарылып, мийманлар мәденият орайындағы 28 дөгеректиң жумысы менен танысты. Бул жердеги дәп, миллий қосықшылық, хореография, рубаб, эстрада, спорттың көркем гимнастика ҳәм каратэ түрлери бойынша дөгереклердиң қатнасыўшылары өз өнерлерин көрсетти. Республикамыз басшысы орай китапханасына 1000 дана китап саўға етти.

Мийманлар орайға қараслы музей экспонатлары ҳәм берунийли художниклер Сабыр Қутлымуратов ҳәм Сахий Джанахмедовтың көргизбеси менен танысты. Дөретиўшилерге бүгинги жас әўладтың сүўретшилик көркем өнерине қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде «Устаз-шәкирт» дәстүрин даўам еттириў бойынша усыныслар берилди. Мектепке алыс аймақтан қатнайтуғын оқыўшыларға 20 дана велосипед тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жаслар менен ушырасыўы сораў-жуўапларға бай болды. Дәслеп ZOOM бағдарламасы бойынша Қытай, Беларусь ҳәм Россия Федерациясының жоқары оқыў орынларында билим алып атырған  жаслар менен өз-ара пикир алысыў болды. Соңынан үш район жасларының мүрәжатлары тыңланды.

Илаж даўамында Елликқала районынан 3, Төрткүл районынан 3 ҳәм Беруний районынан 3 кем тәмийинленген шаңарақ перзентлериниң  шәртнама төлемлери ушын сертификат тапсырылып, пән олимпиадаларында жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған 6 жасқа ноутбук саўға етилди.

Илаж қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы