Усы  жылдың 3-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Бул үлкен, әҳмийетли ҳүжжет халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде ҳәм мәмлекетимиздиң дүньядағы абырайын арттырыўда айрықша хызмет етеди, десем қәтелеспеген боламан.

Мәмлекетлик бағдарлама тек ғана быйылғы емес, ал, көп жыллық, стратегиялық режелеримизди әмелге асырыўға жол ашып береди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-декабрдеги Олий Мажлиске Мүрәжатында белгиленген ўазыйпалардың  толық  орынланыўын тәмийинлеўге де хызмет етеди, деп билемен.

Әсиресе,  ҳәзирги  дүньядағы короновирус пандемиясы даўам етип турған бир пайытта, елимизде экономикалық турақлылықты сақлаў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў, ең тийкарғысы инсан саламатлығын беккемлеў бойынша қатар ўазыйпаларды  алдымызға белгилеп бермекте.

Пандемия – дүньядағы барлық мәмлекетлер қатарында инсанлар турмысында да аўыр жағдайларды келтирип шығарды. Деген менен бул  кеселлик пенен гүресиў бойынша мәмлекетимиз  басшысы  тәрепинен  ислеп шыққан анық илажлар өз нәтийжесин берип келмекте. Мәмлекет бағдарламасында да пандемия дәўиринде елимиз исбилерменлерин қоллап-қуўатлаў усы жылдың декабрь айына шекем создырылды.

Ҳәзирги күнде ҳакыйқатында да  турмысымыздың барлық тараўларында  белсендилик пенен ҳәрекет етип атырған жасларымыздың қолға киргизип атырған жетискенликлерин көрип көзиң қуўанады.

Тахтакөпир районында да жасларға деген ғамхорлық, оларды қоллап-қуўатлаў турақлы  жолға қойылған. Соннан келип шығып, жасларымыздың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша ҳәр бир жасқа 1 гектар  жойбары  барлық орынларда әмелге асырылмақта.  Тахтакөпир районында улыўма усы жойбар тийкарында 1780 гектар жер майданы ажыратылып, 3400 жасты жаңа жумыс орны менен тәмийинлеў режелестирилмекте. Бүгинги күнге келип,  166 жаңа жумыс орны жаратылды ҳәм бәнтлиги тәмийинленди.

Бул илажлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде келеси жылларда усы районның инфраструктураларын жақсылаўға, социаллық-экономикалық раўажланыўына ҳәм халықтың жасаў шараятлары еле де жақсыланыўына жаңа жумыс орынларының жаратылыўына ерисиледи.

 

 Бахытбай Алдамуратов,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты