Азия Раўажланыў банкиниң Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў орайының қаржылай қоллап-қуўатлаўында әмелге асырылып атырған «Раўажланыў нәтийжелилигин арттырыўда пуқаралық жәмийетиниң қатнасын тереңлестириў» – «Азия Раўажланыў Банки операцияларында пуқаралық жәмийетиниң қатнасын тереңлестириў» жойбарлары шеңберинде 2020-жылдың март айынан берли «Tadbirkorayol» Өзбекстан Исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясы ҳәм оның Қарақалпақстандағы бөлими менен биргеликте «Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» посёлкалық пуқаралар жыйынларында жасайтуғын 258 ҳаял-қыз исбилерменлик тийкарлары бойынша оқытылған еди.

Бул қоспа жойбар «Коридор 2. Қарақалпақстан Республикасында автомобиль жолларын раўажландырыў» ири жойбарының бир бөлеги сыпатында әмелге асырылмақта.

Усы жыл 2-3-март күнлери жойбар шеңберинде «Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» посёлкалық пуқаралар жыйынларындағы семинарларға қатнасқан ҳаял-қызлар менен дөгерек сәўбети өткерилди.

Жойбар координаторы, «Tadbirkorayol» Өзбекстан Исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясы ўәкили Ш.Мирзаева, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-куўатлаў министрлиги районлық бөлими баслығының орынбасары Ж.Аметова,  «Ҳунарманд» Ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Д.Алламбергенова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жойбардың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўдағы әҳмийетин атап өтти.

Жойбар бойынша әмелге асырылған илажлар туўралы таярланған видеоролик көрсетилип, өткерилген семинарлардың нәтийжелери ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Илажда қатнасқан Жаслар аўқамының районлық бөлими, банк филиалларының, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў орайының ўәкиллери тараўға байланыслы мағлыўматлар берип, елимизде исбилерменликти раўажландырыў ушын мәмлекет тәрепинен берилген мүмкиншиликлер,  жеңилликлер ҳәм преференциялар, исбилерменлерге, соннан жасларға ажыратылатуғын жерлер, кредитлер, соның ишинде, жеңиллетилген кредитлер ҳаққында түсиниклер берди.

Атап өтилгениндей, жойбар шеңберинде өткерилген илажлар, семинарлар айырым қатнасыўшылардың өз исбилерменлик жумысын баслаўына үлкен түртки болды.

Илажда қатнасыўшылар жеке исбилермен болып дизимнен өтиў, кредит алыў, электр ҳәм тәбийғый газге жалғаныў ушын рухсат бериўши ҳүжжетлерди жыйнаў, сондай-ақ, исбилерменликти жүргизиў ушын имаратлардың болмаўы менен байланыслы қыйыншылықлар ҳәм басқа да машқалалары туўралы мүрәжатларын билдирип, усы еки посёлкада «Интакер топарларды» дүзиў мәселеси бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

«Дөгерек сәўбети»нде республикамыздың белгили исбилермен ҳаял-қызларынан жигирма жылдан берли жергиликли туризм тараўы менен шуғылланып киятырған  Төрткүл районлық Кеңесиниң Экологиялық партиядан сайланған депутат Дилбар Кәримбердиева, Қанлыкөл районындағы бир неше кәрханалардың ийеси, исбилермен Тазагүл Төремуратова бизнести алып барыў ҳәм табысқа ерисиў ҳаққында өз тәжирийбелери менен бөлисти.

Ҳаял-қызлар жойбар шөңберинде өткерилген семинарларда өз бизнесин қалай баслаўы ҳәм шөлкемлестириўи, бизнес-идея таңлаўы, анализлеўи, тәжирийбе топлаўы, табысқа ерисиў жоллары туўралы мағлыўматлар алды. Қыйыншылықларды жеңиў, базарда өз өними ҳәм хызметлерин өткериў жоллары, қарыйдарлар менен ислесиў, сөйлесиўлер жүргизиў, бәсекилеслерин үйрениў, нәтийжели басқарыў, бизнес-режелер, финанслық есабатлар таярлаў, салық түрлери, кредитлер алыў, шәртнамалар дүзиў ҳ.т.б. теориялық билимлерге ҳәм көнликпелерге ийе болды ҳәм бул билимлерди практикалық шынығыўлар, топарларда бирге ислесиў, бизнес-реже презентациялары арқалы беккемлеп барды.

– Мен «Қарақалпақстан» ППЖда почта байланысы бөлиминиң баслығы болып ислеймен,-дейди М.Бекимбетова. – Өткерилген семинарларда исбилерменлик ҳаққында көплеген мағлыўматларға ийе болдым ҳәм қосымша дәрамат табыў мақсетинде ҳаял-қызлар ушын интернет магазин аштым.

– Мен де семинарлардан көп мағлыўматларға ийе болдым,-дейди тағы бир усы аймақ турғыны Д.Әдилханова. – Ҳаял-қызлар ушын салон ашыўды режелестирдим ҳәм ҳәзирги ўақытта кредит алыў бойынша жумыслар алып бармақтаман.

Өткерилген семинарлар нәтийжесинде буннан басқа да бир қатар ҳаял-қызлар нан жабыў цехы, кийим-кеншек тигиў цехы, метан газ қуйыў шақапшасы, автокемпинг комплекси, кондитерлик өнимлерди таярлаў, мийманхана ҳәм басқа да тараўлар бойынша исбилерменлик жумысларын басламақта. Тийкарғы мәселе болған жол бойынан жер алыў, кредит мәселелери шешилсе болғаны.

  • Бизлер де ҳаял-қызлар ушын салон ашпақшымыз,-дейди «Жаслық» ППЖдан Ж.Илясова менен Н.Қудайназаровалар. – Бизлерге де жер ҳәм кредит мәселелери бойынша жәрдем көрсетилсе жақсы болар еди.
  • Азия раўажланыў банки қатнасыўындағы «А-380» «Fузор-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 964-1204 километрлери аралығындағы 240 километрлик жерин реконструкциялаў жойбары Е-40 халықаралық транспорт коридорының бир бөлегин қурап, Қазақстан, Өзбекстан, Аўғанстан аралығындағы байланысларды халықаралық транспорт системасына жалғаў ушын хызмет етеди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық басқармасының жетекши қәнигеси  С.Бекниязов. – Нәтийжеде, 240 километрлик цементбетон қапламалы 2 линиялы жол қурылады, жолдың пайдаланыў дәўири 15 жылдан 30 жылға шекем болады.

Нәтийжеде жолды сақлаў, оңлаў бойынша жумсалатуғын қәрежетлер 2,5 есеге, халықаралық ҳәм транзит жүк тасыўшылар және жолаўшы тасыў муғдары бир неше есеге көбейип, жолдың сапасының артыўы есабынан жол транспорт ҳәдийселери де азаяды.

Жойбардың улыўма баҳасы 383,4 миллион АҚШ доллар болып, соның Азия раўажланыў банки қарызлары 274,2, Өзбекстан Республикасының үлеси  109,2 миллион АҚШ долларын қурайды.

Ҳәзирги ўақытта қурылыс-монтажлаў жумысларын техникалық қадағалаўды әмелге асырыў ушын консультант компанияны анықлаў бойынша тендер саўдалары өткерилмекте.

Илажда районлық Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен көшпели тәртипте пуқаралардың турақ жайларына кадастр паспортын таярлаў, балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў орайларына жайластырыў, жыйналып барылатуғын пенсия системасына қойыў, салық төлеўшиниң идентификациялық номерлерин бериў сыяқлы 90ға шамалас хызметлер көрсетилди, хуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигине, Қоңырат районы ҳәкимлигине ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлерге «Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» ППЖдағы ҳаял-қызларға исбилерменлигин раўажландырыўға жәрдем көрсетиў бойынша усыныслар таярланды.

 

Әдилбай Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги