Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Республикада саламат балалардың туўылыўы, ҳәмиледар ҳаялларда ҳәм нәрестелерде патологияны ерте анықлаў ушын зәрүр шараятларды тәмийинлейтуғын заманагөй перинатал орайлар және «Ана ҳәм бала скрининг» орайлары тармағы жаратылды, туўыўға жәрдем беретуғын ҳәм педиатрия мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы менен кадрлар потенциалы беккемленди, туўма ҳәм нәсиллик кеселликлерге диагноз қойыў, емлеў және олардың профилактикасына заманагөй усыллар енгизилди.
2013-2017-жыллар аралығында балалықтан майыплар туўылыўының алдын алыў ушын туўма нәсиллик кеселликлерди ерте анықлаў Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде барлық «Ана ҳәм бала скрининг» орайлары шешиў имканияты жоқары болған биохимиялық анализаторлар ҳәм заманагөй ультрасесли сканерлер менен тәмийинленди. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Республикалық «Ана ҳәм бала скрининг» орайлары нәрестелерде ҳәм киши жастағы балаларда нәсиллик кеселликлердиң кең топарына диагноз қойыў ушын жоқары технологиялы анализаторлар – тандем масс-спектрометрлер менен тәмийинленди.
Әмелге асырылып атырған илажлар нәтийжесинде 1,1 миллионнан аслам ҳәмиледар ҳаял тексериўден өткерилди, бул 21 мыңнан аслам раўажланыўында туўма нуқсанлар болған бала туўылыўының алдын алыў имканиятын берди. 1,7 миллионнан аслам нәресте туўма ҳәм нәсиллик кеселликлер бойынша тексерилди, 2,7 мың балаға раўажланыўдың туўма нуқсанларын сапластырыў бойынша жоқары маманлықтағы медициналық жәрдем көрсетилди.
Соның менен бирге, туўма ҳәм нәсиллик кеселликлердиң алдын алыў бойынша профилактикалық ҳәм емлеў-диагноз қойыў илажларын, әсиресе, аўыллық жерлерде болажақ аналар менен балалардың саламатлығы үстинен патронаж системасын буннан былай да жетилистириў, сондай-ақ, дүнья әмелиятына муўапық туўыўға жәрдем беретуғын мәкемелердиң ҳәм «Ана ҳәм бала скрининг» орайларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў талап етиледи.
Аналар ҳәм балалардың денсаўлығын ҳәр тәреплеме беккемлеў, саламат әўладтың туўылыўы ҳәм оны тәрбиялаў ушын зәрүр шараятларды жетилистириў, ҳәмиледар ҳаяллар менен нәрестелерде патологияны ерте анықлаў мәмлекетлик системасын буннан былай да раўажландырыў, балаларда майыплықты азайтыў, сондай-ақ, «Ана ҳәм бала скрининг» орайларының кадрлар потенциалы менен материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ҳәм беккемлеў мақсетинде:
- 2018-2022-жыллар аралығында балаларда туўма ҳәм нәсиллик кеселликлерди ерте анықлаў Мәмлекетлик бағдарламасы (кейинги орынларда Мәмлекетлик бағдарлама деп аталады) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыўдың әҳмийетли тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
«Ана ҳәм бала скрининг» орайларын жоқары технологиялы диагностика медициналық үскенелери, комплектлеўши буйымлар, реагентлер ҳәм зәрүр материаллар менен тәмийинлеў арқалы олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў;
ҳәмиледарлықтың дәслепки үш айында ҳаялларды орайлық көп тармақлы районлық (қалалық) поликлиникаларда туўыўдан алдын ғалаба тексериў ҳәм қәўипли топарға киретуғын ҳәмиледар ҳаялларда генетикалық синдромларды биохимиялық тексериўди басқышпа-басқыш енгизиў жолы менен ҳәмиледе туўма ҳәм нәсиллик кеселликлердиң алдын алыў ҳәм оларға ерте диагноз қойыў илажларын жетилистириў;
ҳәмиледе ҳәм киши жастағы балаларда хромосом синдромлар диагностикасында лаборатория диагностикасының заманагөй усылларын, соның ишинде, цитогенетикалық ҳәм молекуляр-цитогенетикалық технологияларды енгизиў;
балаларда нәсиллик кеселликлерге ерте диагноз қойыў усылларын жетилистириў арқалы нәрестелерди ғалаба тексериў, сондай-ақ, наўқас балаларды дәри қураллары ҳәм емлейтуғын аўқатлар менен тәмийинлеў арқалы нәсиллик кеселликлерди емлеў нәтийжелилигин арттырыў;
«Ана ҳәм бала скрининг» орайларының кадрлар потенциалын беккемлеўге ҳәм әмелий денсаўлықты сақлаўға заманагөй дүнья жүзилик тәжирийбени енгизген ҳалда халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыў.
- Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Нөкис, Бухара, Самарқанд ҳәм Ферғанадағы «Ана ҳәм бала скрининг» орайларында регионлараралық цитогенетикалық лабораториялар шөлкемлестириў, оларды жоқары технологиялы медициналық диагностика үскенелери менен тәмийинлеў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық ҳәкимликлер, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен биргеликте жасаў орынларында, мәҳәллелерде ҳәм билимлендириў мәкемелеринде туўма ҳәм нәсиллик кеселликлердиң алдын алыў, саламат шаңарақты қәлиплестириў, ана ҳәм бала саламатлығын қорғаў мәселелери бойынша түсиник және профилактика жумысларын турақлы өткерип барсын;
«Саламат әўлад ушын» халықаралық мәмлекетлик емес қайырқомлық қоры менен биргеликте Мәмлекетлик бағдарламаның сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўы және ажыратылған бюджет қаржыларынан мақсетли пайдаланыўы үстинен муўапықластырыўды ҳәм қадағалаўды тәмийинлесин;
ҳәр шеректе Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыў процесин көрип шықсын ҳәм зәрүр болғанда оның нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў мәселелери бойынша белгиленген тәртипте Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети, «Саламат әўлад ушын» халықаралық мәмлекетлик емес қайырқомлық қоры ҳәм халықаралық қаржы шөлкемлерин қаржылары және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыў шеңберинде Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм «Саламат әўлад ушын» халықаралық мәмлекетлик емес қайырқомлық қоры тәрепинен белгиленетуғын тәртипте тастыйықланатуғын дизим бойынша алып кирилетуғын Өзбекистанда ислеп шығарылмайтуғын жоқары технологиялы диагностика медциналық үскенеси, комплектлеўши буйымлар, реагентлер, зәрүр материаллар, балаларды емлейтуғын аўқат, дәри қураллары 2023-жыл 1-январьға шекемги мүддетте бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымлары буған кирмейди) азат етилсин.
- Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм «Саламат әўлад ушын» халықаралық мәмлекетлик емес қайырқомлық қоры Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги және басқа да ғалаба хабар қураллары менен биргеликте халық арасында туўма ҳәм нәсиллик кеселликлерге шалынған балалар туўылыўының алдын алыў зәрүрлиги ҳаққында кеңнен түсиник жумысларын шөлкемлестирсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Касимовқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары Қ.В.Акмаловқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 25-декабрь
* * *
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «2018-2022-жыллар аралығында балаларда туўма ҳәм нәсиллик кеселликлерди ерте анықлаў Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарына ТҮСИНИК
Ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен баслап елимизде аналықты ҳәм балалықты қорғаў мәмлекетлик социаллық сиясаттың стратегиялық бағдарларынан бири етип белгиленди. Өткен жылларда узақ мүддетли нәтийжеге – миллеттиң генофондын жақсылаўға, шаңарақта медициналық мәдениятты, халықтың турмыс сапасын арттырыўға ҳәм узақ өмир көриўине ерисиў мақсетинде саламат әўладтың туўылыўы ҳәм оны тәрбиялаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылды. Мине, сол себепли «Саламат ана-саламат бала» концепциясы және Ана ҳәм баланың денсаўлығын қорғаў миллий модели, соның ишинде, шет елде улыўма тән алынды.
Илажларды әмелге асырыў шеңберинде «Ана ҳәм бала скрининг» республикалық ҳәм аймақлық орайлары заманагөй диагностика ҳәм лаборатория үскенелери менен тәмийинленди, бул болса, кең топардағы нәсиллик кеселликлердиң профилактикасын және оларды емлеўди жоқары дәрежеге көтериў, балалардың аўыр майыплыққа және өлимге алып келетуғын нәсиллик кеселликлер ҳәм раўажланыўдағы туўма нуқсанлар менен туўылыў қәўпи дәрежесин азайтыў имканиятын берди.
2013-2017-жылларда денсаўлықты сақлаўдың биринши буўыны дәрежесинде 2,1 миллионнан аслам ҳәмиледар ҳаял тексерилди, олардың 65 мыңында ҳәмиле раўажланыўының туўма нуқсанлары анықланыўы нәтийжесинде ҳәмиледарлық тоқтатылды.
Скрининг орайларында 1,1 миллионнан аслам ҳәмиледар ҳаял туўыўға шекемги болған дәўирде тексериўден өткерилди. Олардан ҳәмиледарлық дәўири патологиялық процесстен өткен 210 мыңнан аслам ҳаял дәри-дәрмақлар менен емленди. Улыўма алғанда, ҳәмиледар ҳаялларды туўыўдан алдын тексериў нәтийжесинде 21 мыңнан аслам раўажланыўында туўма нуқанлар ҳәм нәсиллик кеселликлер болған бала туўылыўының алдын алыў имканиятын берди.
1,7 миллионнан аслам нәрестелер гипотиреоз ҳәм фенилкетонурия (туўма ҳәм нәсиллик кеселликлер) бойынша тексерилди. Ҳәзирги ўақытта 1407 наўқас диспансерлик қадағалаўда тур, соннан соңғылығында майыплыққа алып келиўи мүмкин болған прогрессив кеселликлердиң алдын алыў мақсетинде туўма гипотиреозға шалынған 1117 бала турақлы түрде бийпул дәри-дәрмақлар менен, 290 фенилкетонурияға шалынған бала емлейтуғын азық-аўқат пенен тәмийинленген.
Әмелге асырылып атырған илажлар нәтийжесинде туўма аномалиялы балалар туўылыўының интенсив көрсеткиши 2000-жылға салыстырғанда 1,8 есеге азайды.
Соның менен бирге, медициналық генетика раўажланыўының ҳәзирги басқышы болажақ аналар менен балаларға қәнигелестирилген жоқары технологиялы жәрдем көрсетиў ушын скрининг орайларының материаллық-техникалық базасын беккемлеўди сапа жағынан жақсылаўды талап етпекте.
Балалықтан майыплар туўылыўының алдын алыў ушын туўма ҳәм нәсиллик кеселликлерди ерте анықлаў, саламат әўладтың туўылыўы ҳәм тәрбияланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылыўына көмеклесиў ҳәм қоллап-қуўатлаў, туўыўға жәрдем беретуғын мәкемелер ҳәм скрининг орайларының кадрлар потенциалын, материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ҳәм беккемлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «2018-2022-жыллар аралығында балаларда туўма ҳәм нәсиллик кеселликлерди ерте анықлаў Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарар төмендегилерди нәзерде тутады:
жоқары технологиялы диагностикалық медицина үскенелери, комплектлеўши буйымлар, реагентлер ҳәм зәрүр материаллар менен тәмийинлеў арқалы скриниг орайларының материаллық-техникалық базасын жақсылаў;
ҳәмиледарлықтың дәслепки үш айында ҳаялларды орайлық көп тармақлы районлық (қалалық) поликлиникаларда туўыўдан алдын ғалаба тексериў ҳәм қәўипли топарға киретуғын ҳәмиледар ҳаяллардың генетикалық синдромларға биохимиялық тексериўди басқышпа-басқыш енгизиў жолы менен ҳәмиледе туўма ҳәм нәсиллик кеселликлердиң профилактикасын ҳәм оларға ерте диагноз қойыў илажларын жетилистириў;
лаборатория диагностикасының заманагөй усылларын, соның ишинде, ҳәмиледе ҳәм киши жастағы балаларда хромосом синдромларға диагноз қойыўда цитогенетикалық ҳәм молекуляр-цитогенетикалық технологияларды енгизиў;
балаларда нәсиллик кеселликлерге ерте диагноз қойыў усылларын жетилистириў арқалы нәрестелерди ғалаба тексериў, сондай-ақ, наўқас балаларды дәри қураллары ҳәм емлейтуғын аўқатлар менен тәмийинлеў арқалы нәсиллик кеселликлерди емлеў нәтийжелилигин арттырыў;
скрининг орайларының кадрлар потенциалын беккемлеўге ҳәм әмелий денсаўлықты сақлаўға заманагөй дүнья жүзилик тәжирийбени енгизген ҳалда халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыў.
Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген илажларды әмелге асырыў ушын 31 миллион АҚШ доллары ҳәм 90 миллион сум ажыратыў режелестирилмекте, олардан 28 миллион 460 мың АҚШ доллары Мәмлекетлик бюджет қаржылары, 90 миллион сум ҳәм 2 миллион АҚШ долларынан асламы «Саламат әўлад ушын» халықаралық мәмлекетлик емес қайырқомлық қорының қаржысы болып табылады.
Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыў:
қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспелериниң орайлық көп тармақлы поликлиникаларында ҳәмиледар ҳаялллардың туўыўдан алдын ғалаба ультрасес тексериўинен өткерилиўин енгизиў;
ҳәмилениң генетикалық синдромы бойынша қәўипли топарын анықлаў ушын ҳәмиледарлықтың ерте мүддетлеринде ҳаяллардың қанын басқышпа-басқыш биохимиялық тексериўден өткериў (220 мыңнан аслам ҳәмиледар ҳаялды тексериў режелестирилмекте);
310 мыңнан аслам ҳаялды ҳәмиледарлықтың екинши үш айлығында туўыўға шекем биохимиялық скринингтен өткериў;
тандем масс-спектрометрия усылы менен нәсиллик алмасыў кеселликлерин тастыйықлаў ушын балаларды тексериў (18 мыңнан аслам тексериў);
раўажланыўында туўма майыплыққа алып келетуғын нуқсанлары болған балалар туўылыўын еки есеге азайтыў имканиятын береди.
Буннан тысқары, диспансер есабында турған ҳәм жаңадан есапқа алынған нәсиллик кеселликлерге шалынған балаларды арнаўлы емлейтуғын азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў даўам еттириледи.
Режелестирилип атырған илажларды әмелге асырыў жаңа туўылған нәрестелерди скрининг тексериўинен өткериўди 95 процентке шекем арттырыў ҳәм балалар майыплығына алып келетуғын нәсиллик кеселликлерге шалынған балаларды ерте анықлаў бойынша диагностика ҳәм емлеў илажларының нәтийжелилигин арттырыў имканиятын береди.
Бәршеге белгили, саламат ана ҳәм бала – жәмийеттиң таянышы, сол себепли денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған илажлар, бәринен бурын, аналар менен балалардың денсаўлығын беккемлеўге бағдарланған.