Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-март күни видеоәнжуман түринде болып өтетуғын Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң (ЭБШ) 14-саммитиниң жумысында қатнасады.

1985-жылы шөлкемлестирилген Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми бүгинги күнде абырайлы регионаллық бирлеспе болып есапланады. Бул көп тәреплеме структураның тийкарғы мақсети саўда, инвестициялар, инновациялар, транспорт, коммуникациялар, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм санаат сыяқлы тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди раўажландырыўдан ибарат.

Бүгинги күнде 10 мәмлекет ЭБШға ағза. Булар – Өзбекстан, Түркия, Иран, Пакистан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Әзербайжан ҳәм Аўғанстан.

Шөлкемге ағза мәмлекетлер басшыларының Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған басшылығында болып өтетуғын ушырасыўы күн тәртибинен COVID-19 дан кейинги дәўирде регионда әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери орын алған.

Өзбекстан Республикасы Президенти өз шығып сөйлеўинде регионаллық шерикликти раўажландырыў бағдарындағы пикир-усынысларын билдириўи, сондай-ақ, пандемия ақыбетлерин жеңип өтиў, саўда байланысларын тиклеў, санаат кооперациясын күшейтиў, транспорт ҳәм логистика, азық-аўқат қәўипсизлиги тараўларында қоспа бағдарламаларды әмелге асырыў, «жасыл» экономиалық ҳәм финанслық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша бир қатар усынысларды алғы қойыўы күтилмекте.

 

ӨзА