Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-март күни Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл ал-Мазруий басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыўда көп қырлы Өзбекстан-БАӘ бирге ислесиўин  және де кеңейтиўдиң  әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы жоқары дәрежеде, бәринен бурын, саўда-экономика, инвестиция ҳәм қаржы тараўларында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша еки тәрептиң жедел ҳәрекетлерин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Өзбекстанда пандемия ақыбетлерин жеңип өтиўде Әмирликлер ҳүкимети тәрепинен көрсетилген жәрдем ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирди.

Өз гезегинде, министр Суҳайл ал-Мазруий мәмлекетимиз басшысына БАӘ Президенти Шайх Халифа Ол Наҳаён Абу-Даби Әмирлиги мийрасхоры, БАӘ Қураллы Күшлери Жоқарғы бас сәркардасы орынбасары Шайх Муҳаммед Ол Наҳаён ҳәм БАӘ Бас министри, Дубай әмири Шайх Муҳаммед Ол Мактумның сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди, сондай-ақ, елимизде БАӘ инвесторларының жумысы ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Сөйлесиўде жеке меншик инвестицияларды тартқан ҳалда, соның ишинде, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў, Әмирликлер базары ҳәм үшинши еллерге жеткериў бойынша агросанаат тармағында биргеликтеги жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Альтернатив энергиядан пайдаланыў тараўында, энергетика ҳәм басқа да әҳмийетли инфраструктура объектлерин модернизациялаў, заманагөй мийманхана комплекслерин қурыў бойынша ири жойбарларды жедел ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды даўам еттириўге, сондай-ақ, жаңа исбилерменлик басламалары шеңберинде инвестициялар портфелин  кеңейтиў ҳәм қаржы-техникалық жәрдем бағдарламаларын жүзеге шығарыўға келисип алынды.

Буннан тысқары, билимлендириў тараўында нәтийжели бирге ислесиўди кеңейтиў және Бирлескен Араб Әмирликлери жетекши шөлкемлериниң қатнасыўында басқарыў тараўында миллий кадрларды таярлаў әҳмийетли екени атап өтилди.

 

ӨзА