25-Февраль күни Нөкис қаласы ҳәкимлиги Баспасөз хызмети тәрепинен қаладағы исбилерменлик субъектлери, олардыӊ жумыс  ислеӯ бағдары ҳәм экономикалық көрсеткишлери менен ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин таныстырыӯ мақсетинде республикамыздағы бир топар журналист ҳәм блогерлердиӊ қатнасыӯында пресс-тур шөлкемлестирилди.

Онда илаж қатнасыӯшылары еӊ дәслеп пайтахтымыздыӊ «Жаӊабазар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы  «NUKUS TEXTILE»  жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинде болып, кәрхана тәрепинен бүгинги күни алып барылып атырған жумыслар менен танысты.

Жылына 2000 тонна ийирилген жип ҳәм тоқымашылық өнимлери ислеп шығарылып атырған кәрхананыӊ улыӯма ийелеген майданы 24 гектар болып, 2019-жылы қытайлы инвесторлар тәрепинен 3,5 млн доллар муғдарындағы тиккелей шет ел инвестициясы өзлестирилген.

Ӽәзирги күни бул кәрханада 70 адам 4 сменада жумыс ислемекте.

-Мен Нөкис политехника кәсип-өнер колледжин тамамлап, усы жерде 1 жылдан бери жумыс ислеп атырман. Ӽәзирше жумыс ислеӯ шараятларымыз жаман емес. Өз ӯақтында айлық мийнет ҳақыларымызды алып жумыс ислеп атырмыз,-дейди усы кәрханада жумыс ислеӯши жаслардыӊ бири Дилназ  Жоллыбаева.

-Егер сыр болмаса сизлер бул жерде неше саат  жумыс ислейсиз ҳәм оған қанша мийнет ҳақы аласыз,- деп сорадым оннан.

-Бизлер күнине 8 саат жумыс ислеп, 1 миллион сум айлық мийнет  ҳақы аламыз,-дейди ол.

Сондай-ақ,  пресс-тур қатнасыӯшылары  «Муратбек мебель» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинде  болып, ол жердеги таяр өнимлер ҳәм олардыӊ ислеп шығарылыӯ барысы менен танысты.

– 1999-жылы өнермент сыпатында жумыс баслаған болсам, соӊынан кем-кемнен  жумыс көлемин арттырып, 2009-жылы  «Муратбек мебел»  жуӯапкершилиги шекленген жәмийетин  шөлкемлестирдим,-дейди илаж қатнасыӯшыларына жәмийет баслығы Муратбек Тәӊирбергенов.- Өткен жылы кәрханамыздыӊ екинши имаратын иске түсирип,  онда және 12 адамныӊ жумыс пенен бәнтлигин тәмийинледик. Ӽәзирги күни кәрханамызда 57 адам жумыс ислейди. Усталарымыз тәрепинен таярланып атырған өнимлер республикамыздыӊ барлық аймақларына сатылмақта. Келешекте өнимлеримизди сырт елге шығарып сатыӯды да режелестиргенбиз.

Соныӊ менен бирге  илаж қатнасыӯшылары «Әмиӯдәрья» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы  «Нуратдин-Диана» мәмлекетлик- жеке меншик шериклик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкемине барды. Бирақ,  Нөкис қаласы ҳәкимлиги Баспасөз хызмети тәрепинен шөлкемлестириӯ жумысларыныӊ немқурайды алып барылыӯыныӊ нәтийжесинде, бала бақша хызметкерлери баслықтан рухсат болмаса киргизе алмаймыз, деген бәне менен журналист ҳәм блогерлерди имарат ишине киргизбеди. Бул болса, 20 ға шамалас  ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниӊ «алтын»нан қымбат ӯақтын бийҳуда жибериӯине себеп болды.

Сонлықтан Нөкис қаласы ҳәкимлигиниӊ Баспасөз хаткери алдағы ӯақытлары өз ӯазыйпасына  жуӯапкершилик пенен қатнас жасап жумысларын дурыс шөлкемлестирсе, мақсетке муӯапық болар еди деп ойлаймыз. Себеби, истиӊ көзин билип исленген жумыста ғана раӯажланыӯ ҳәм алға илгерилеӯ болатуғынлығын бүгин турмыстыӊ өзи тастыйықламақта.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.