Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 24-февраль күни аўыл ҳәм суў хожалығы тараўында быйылғы жылы әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Аўыл хожалығы – мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын арттырыў, жумыс орынлары ҳәм халықтың дәраматын көбейтиўде үлкен дәреклерден бири есапланады. Сонлықтан тараўға байланыслы көплеген ҳүжжетлер қабыл етилип, зәрүр шараятлар жаратылып берилди. Бағшылық, жүзимгершилик, мийўе-овощ жетистириў, салыгершилик, шарўашылықты раўажландырыў, суўды  үнемлеў, агрокәрханаларды қаржылай қоллап-қуўатлаў механизмлери жолға қойылды.

Егинлерди ақылға уғрас жайластырыў ҳәм илим менен жетистириў арқалы быйылғы жылы ҳәр бир гектардан алынатуғын дәраматты 5 мың долларға  жеткериў мақсети белгиленген.

– Егинлерден алынатуғын дәраматты кескин көбейтиў ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў тараўдағы ең тийкарғы ўазыйпа болыўы керек, – деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Буның ушын егинлерди ҳәр бир районның өзине тәнлиги, мәҳәллелерде бурыннан қәлиплескен дийқаншылық көнликпелери, суў тәмийнатынан келип шығып жайластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Мысал ушын, Мирзаабад районындағы айырым атызларда пахта өнимдарлығы 12 центнерди қурамақта. Бирақ ол жердеги мәҳәллелердиң қәнигелесиўи үйренилгенде, әнар жетистириў имканияты ҳәм қайта ислеў кәрханасы бар екенлиги анықланған.

Сондай-ақ, Фориш  ҳәм Елликқала районларында виноға жарамлы жүзим сортларын өсириў мүмкин. Булақбашы районында чесноктан жақсы дәрамат алыў, шаңарақларға жеңилликли кредит бериў арқалы жылына 1 мың тонна экспортқа жарамлы жүзим жетистириў имканияты  бар.

– Быйылғы жыл 1-марттан баслап, шаңарақлық исбелерменлик бағдарламалары шеңберинде бағ, атыз ҳәм ыссыхана ушын халыққа ажыратылатуғын кредитлердиң мүддети 3 жылдан 7 жылға шекем, жеңилликли дәўири болса 1 жылдан  3 жылға шекем созылады. Бул – адамлардың тилеги, өзгерислер ушын имканият, – деди Шавкат Мирзиёев.

Суўғарылмайтуғын  ҳәм жайлаў жерлерди пайдаланыўға киргизиў, бул арқалы турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс орынларын жаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Бизге белгили, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған ўазыйпаларға муўапық, жумыссыз пуқараларға 10 сотыхтан  50 сотыхқа шекем жер берилмекте. Жуўапкерлерге бул жерлерди  халыққа жақын жерден ажыратып, туқым, төгин ҳәм техника тәмийнатында жәрдем бериў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, быйылғы жылы аўыл хожалығы кәрханаларын  702  мың тонна туқым ҳәм 105 миллион түп нәл менен тәмийинлеў зәрүр.

 

 

 

 

Бирақ бул бағдарда система жолға қойылмағанлығы халыққа да, экспортшыларға да қыйыншылық туўдырмақта. Сортлардың сапасы, өнимлердиң жетилиў мүддети сыртқы базарларда жетекши орынларға шығыў имканиятын бермей атыр.

Сонлықтан, енди Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайының Мирзаев  атындағы бағшылық, жүзимшилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институты және оның илимий-тәжирийбе станцияларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жоқары өнимли, экспортқа жарамлы мийўе ҳәм жүзим нәллерин жетистириў жолға қойылады. Оның ушын ҳәр бир ўәлаятта кеминде  100 гектар  майданда аймақлардың топырақ-климат шараятларына сай интенсив  нәл жетистириў хожалықлары шөлкемлестириледи. Жергиликли туқымгершилик хожалықларынан туқым ҳәм нәл сатып алынғанда, оған кеткен қаржының  20 процентке шекемги бөлеги төлеп бериледи.

Сондай-ақ, альтернатив энергияда ислейтуғын лимоншылық ыссыханаларын қурыў қәрежетлериниң де бир бөлегин қаплап бериў тәртиби енгизиледи.

Мәжилисте пахта-тоқымашылық кластерлериниң нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине де тоқтап өтилди.

– Кластер – излениў, инновация, дегени. Егер кластерлер ертеңги күнди көз алдына келтирип ислесе, қосымша қун өнимлерин базарға алып шығып, бәсекиге шыдамлы болыўы мүмкин. Дүнья тәжирийбесин үйренип, өнимди көбейтип, өзине түсер баҳаны азайтыў керек, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы бәрқулла ўазыйпа берер екен, бәринен бурын, оның қаржысын шешип береди. Аграр тармақты турақлы қаржы ресурслары менен тәмийинлеў ушын быйылғы жылы Аўыл хожалығы қорына  24 триллион  сум  қаржы қаратылмақта. Онда, биринши мәрте, овощ жетистириўге Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында кредитлер бериў ушын  300 миллиард сум қосымша қаржы ажыратыў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, масақлы дән ҳәм пахта жетистириў, пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм кооперацияларына  19 айға шекем кредитлер бериў ушын да қосымша қаржылар талап етиледи.

Усы мақсетте, бүгин Аўыл хожалығы қорының жумысы және ислеп шығарыўшыларды мәмлекет тәрепинен қаржылай қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў ҳаққында Президент қарары қабыл етилди. Мәжилисте бул қарардың мазмун-маниси, орынланыўы ҳаққында сөз барды.

Мәмлекетимиз басшысы тараўда илим ҳәм мәлимлеме технологияларын раўажландырыў мәселесине айрықша итибар қаратты. Палыз ҳәм овощ жетистириўди раўажландырыўда АҚШ, мийўе жетистириўде Уллы Британия, дән жетистириўде Австрия, өсимликлерди қорғаў бойынша Нидерландия, өсимликлердиң азықланыўы ҳәм клетка биологиясы бойынша Германия  тәжирийбесин үйрениў, экспертлерди тартыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Аўыл хожалығы министриниң мәлимлеме технологияларын раўажландырыў бойынша орынбасарының лаўазымы енгизилди ҳәм өз алдына структура шөлкемлестирилмекте. Бул структураға жылдың ақырына шекем  3 миллион гектар суўғарылатуғын жерлердиң мониторинги, топырақтың қурамы ҳәм егинлер ҳаққындағы мағлыўматларды көрсеткен мәлимлеме системасын жолға қойыў тапсырылды. Бул мақсетлерге  халықаралық финанс шөлкемлериниң  10  миллион доллары қаратылады.

Соның менен бирге, Ташкент  ўәлаятының Жоқары Шыршық районында Агрохызметлер орайын иске қосыў бойынша тапсырма берилди.

 

 

 

Видеоселектор мәжилисинде суўдан үнемли пайдаланыў мәселелери де додаланды.

Быйылғы жылдың суўғарыў мәўсиминде  суў тәмийнаты нормаға салыстырғанда  25 процент аз болатуғыны күтилмекте. Сонлықтан суўды ысрап етиўге улыўма жол қоймаў турмыслық зәрүрлик.

Атап айтқанда,  430 мың гектарда суў үнемлеўши технологияларды енгизиў арқалы  3 миллиард кубометр суўды үнемлеў мүмкин.

Бул, өз гезегинде, сондай технология ҳәм үскенелерге талапты арттырады. Дәслепки есап-санақларға бола, тамшылатып суўғарыў системалары ҳәм қубырлар ислеп шығарыў ушын усы жыл февраль-апрель айларында  35-40 мың  тонна болған полиэтилен зәрүр. Сонлықтан, суўды үнемлейтуғын  технологиялар ушын зәрүр болған полиэтилен ҳәм полипропилен ушын импорт бажысы 1-октябрьге шекем  бийкар етилгени атап өтилди.

Суў хожалығы министрлигине  3 мыңнан аслам насосларды оңлаў ҳәм жаңалаў, насос станцияларында электр энергиясы ҳәм суўдың жумсалыўын «онлайн» мониторинг етиў системасын енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте шарўашылық, қусшылық ҳәм балықшылықты раўажландырыў  илажларына да тоқтап өтилди.

Быйылғы жыл 1-июльден баслап, қосымша қун салығынан қарыздарлығы болмаған шарўашылық, қусшылық, қояншылық ҳәм балықшылық хожалықларына  жетистирген  өними ушын бюджеттен субсидия ажыратылатуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, шарўашылық кәрханаларына шийки зат  ҳәм технологияларды импорт етиўде бир қатар жеңилликлер бериледи. Балық ҳәм қус жетистириўдеги набыт болыўды қамсызландырыў тәртиби ислеп шығылады.

Шарўашылықта от-жем мәселеси әҳмийетли. Сонлықтан жаңа өзлестирилетуғын жерлер шарўа комплекслери ушын бөлистирилип берилиўи, 28 мың гектар суўғарылмайтуғын жер ҳәм жайлаўларда және  173 мың гектар тийкарғы егиннен босаған майданларда от-жем жетистирилиўи белгиленди.

Усы бағдарларда тәжирийбели кадрлар таярлаў мәселесине де итибар қаратылды.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер, ҳәкимлер, аўыл хожалығы тармақларының басшылары мәлимлеме берди.

 

 

 

 

 

ӨзА