Бүгин халықаралық қатнасықларды беккемлеў, конструктивлик сыртқы сиясат алып барыўда парламентлик дипломатия әҳмийетли орын ийелемекте. Бунда сырт мәмлекетлердиң парламентлери менен дослық топарларының имканиятларынан кең пайдаланыўға итибар қаратылмақта.

Олий Мажлистиң Литва Сейми менен бирге ислесиў бойынша Парламентлераралық дослық топары Өзбекстан ҳәм Литва қатнасықларын беккемлеўге үлес қоспақта. 23-февраль күни усы дослық топарының видеоконференция түринде мәжилиси өткерилди.

Илажда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм Сенат ағзалары, Литва парламентиниң ўәкиллери қатнасты.

Онлайн ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўде ерисилген нәтийжелер, парламентлераралық қатнасықты раўажландырыў, халықаралық шөлкемлер шеңбериңде тәреплердиң өз-ара бир-бирин қоллап-қуўатлаўы, еки мәмлекет арасындағы пайдалы сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық қатнасықларды беккемлеў мәселелери додаланды.

Парламентлераралық ўәкиллер коронавирустың дүнья бойлап тарқалыў көлемине тоқтап, глобал қәўипке қарсы гүресиў бойынша Өзбекстан ҳәм Литвада көрилип атырған илажлар ҳаққында пикир алысты. Пандемия келтирип шығарған глобал социаллық-экономикалық  кризис тәреплерди буннан былай да тығыз муўапықласыў ҳәм бирге ислесиўге шақырып атырғаны атап өтилди.

Дослық топарының ағзалары ҳәр еки мәмлекеттиң басламаларын халықаралық шөлкемлер шеңберинде де қоллап-қуўатлаўда исенимли екенлигин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан менен Литва арасындағы әмелий бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме беккемлеўде парламентлердиң ролин күшейтиўге келисип алынды.

 

Саидмурод РАҲИМОВ,

ӨзАның хабаршысы