БАЖЫХАНА ХАБАРЛАРЫ

Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында «бажыхана аймағында қайта ислеў» бажыхана режиминде санаат өнимлерин ислеп шығарыўды көбейтиў зәрүрлиги белгилеп берилген еди. Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң арасында усы режимниң абзаллық тәреплери, оған жайластырыў талап ҳәм шәртлери туўралы кең түрде түсиник жумыслары алып барылмақта.

Бажыхана хызметкерлери жақында Тақыятас районындағы «Atiyaj-Gulzar» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып, жумыслары менен жақыннан танысты. 2018-жылы иске түсирилген кәрхана халқымыздың дәстүрханына ҳәм дүнья базарына сапалы ун жеткерип бермекте. Атап айтқанда, Қазақстан Республикасынан алып келинген бийдай тийисли басқышларда қайта исленип, таяр болған ун өнимлери жергиликли базарларға ҳәм аўысқан бөлеги экспортқа жиберилмекте.

Атап өтиў керек, усы сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшысы болған жәмәәт тәрепинен өткен жыл даўамында үшинши ҳәм төртинши классқа тийисли қатты ҳәм жумсақ түрдеги жәми 7135 тонна бийдай өними «Нөкис» сыртқы экономикалық жумыс бажыхана посты тәрепинен  «бажыхана аймағында қайта ислеў» бажыхана режимине рәсмийлестирилди. Қайта ислеў нәтийжесинде алынған 4 түрдеги биринши ҳәм екинши сорттағы 5351 тонна ун өними реэкспорт етилди.

Бийдай өнимин қайта ислеў ушын Түркия мәмлекетинен алып келинген алдыңғы заманагөй технологиялық әсбап-үскенелер Президентимиздиң  «Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириўде импорт бажыхана бажы ҳәм қосымша қун салығынан азат етилетуғын технологиялық үскенелердиң дизимин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып бажыхана төлемлеринен 3 миллиард 72 миллион сум муғдарында жеңиллик қолланылған.

Сондай-ақ, кәрхана өз жумысын әмелге асырыў даўамында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Дәнди қайта ислеўши кәрханаларды қосымша рәўиште қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың экспорт потенциалын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары талапларына әмел етиў дәўири шеңберинде Қазақстан Республикасынан алып кирилген бийдай өними ушын жәми 12 миллиард 239 мың сум муғдарында бажыхана төлеминен жеңиллик қолланылды.

 

 

-Президентимиздиң басламасы менен биз исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлардан қуўанышлымыз,-дейди кәрхана директоры Азат Мустафаев.-Атап айтқанда, унды қайта ислеў үскенесиниң сырт елден алып келиниўинде бажыхана төлемлеринен жеңилликке ийе болыўы ҳәм ҳүкиметимиздиң тийисли қарарлары менен алып кирилип атырған өнимимиздиң бажыха төлемлеринен азат етилиўи нәтийжесинде биз өз жумыс көлемимизди кеңейтип, өткен жылдың басында екинши цехты иске қосыўға муўапық болдық. Соның нәтийжесинде бүгинги күни 96 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Жыл басынан берли 7507 тонна бийдай импорты әмелге асырылған болса, оны қайта ислеў арқалы алынған ун өними ишки базарымызға, оннан аўысқан 1836 тоннасы Аўғанстан мәмлекетине экспортқа жиберилди.

Ҳақыйқатында да, елимизде исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў жолында усынылып атырған жеңиллик ҳәм имканиятлар халқымызға жаңа жумыс орынларын жаратыўға, олардың абадан турмыста жасаўына, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.