Усы жыл 20-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында  Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, профессор Бахтияр Абдикамаловтың туўылғанының 70 жыллығына бағышланған руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

 

 

Онда жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, илимпазлар, нуранийлар, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов шығып сөйлеп, юбилей мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қутлықлаўын оқып еситтирди.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен илимпаз «Ардақлы нураний» көкирек белгиси менен сыйлықланған еди. Илажда усы сыйлық салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Қатнасыўшылар дәслеп «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен илимпаздың өмири ҳәм илимий-педагогикалық мийнет жолына бағышланған «Мийўели дарақ» ҳүжжетли фильмин тамаша етти.

Б.Абдикамалов 1951-жылы 20-февраль күни Шымбай районында муғаллимлер шаңарағында туўылды.  1967-1971-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының физика-математика факультетинде оқыды. Россия Илимлер Академиясының Қатты денелер физикасы институтының аспирантурасын 1978-жылы питкерип, «Кристаллардағы фазалық өтиўлерди  ҳәм доменлик системалардың трансформацияларын рентгенографиялық изертлеў» деген темада кандидатлық жумысын  табыслы жақлады.

 

 

Илимий-педагогикалық хызмети Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен байланыслы. 1978-жылдың  ақырында университеттиң  Рентген нурлары  ҳәм металлар физикасы  кафедрасында ассистент болыў менен мийнет жолын баслады. Буннан кейин кафедра баслығы, физика факультетиниң деканы, университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры лаўазымларында иследи.

Б.Абдикамалов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў басқармасының баслығы, университеттиң оқыў ислери, мәлимлеме технологиялары бойынша проректоры, физика, техника факультетлериниң деканы, улыўма физика кафедрасының баслығы болып жемисли мийнет етти. Ҳәхзирги ўақытта университет Нуранийлер Кеңесиниң баслығы.

 

 

 

 

Узақ жыллар даўамында қатты денелер физикасы бойынша кең түрде илимий-изертлеў жумысларын алып барып, университетте электрон микроскопиясы, рентгенструктуралық анализ, рентген дифрактометриясы лабораторияларын шөлкемлестирген. Ғәрезсизлик жылларында релятивистлик физика, улыўмалық салыстырмалық теориясы ҳәм инфляциялық космология мәселелери бойынша илимий изертлеўлер өткерген. Интернет тармағында жайластырылған «Гравитациялық толқынлардың ашылыўы» мақаласы көпшиликтиң қызығыўшылығына ийе болған.

Илимпаз 200 ден аслам питкериў қәнигелик жумысына ҳәм магистрлер диссертациясына басшылық етти. Оның басшылығында кафедра оқытыўшылары менен биргеликте «Оптика ҳәм атом физикасы бойынша лаборатория жумыслары», «Водород атомының квантлық теориясы», «Механика курсы бойынша лаборатория жумыслары», «Оптика ҳәм атом физикасы бойынша лаборатория жумыслары», «Физика илиминиң тарийхы ҳәм хронологиясы» оқыў-методикалық қолланбалары, «Атом физикасы» ҳәм басқа да көплеген оқыў қолланбалары баспадан шықты. Ол 80 нен аслам илимий ҳәм илимий-методикалық қолланбалардың авторы.

Және бир тәрепи, ол интеллектуал билим ийеси. Қарақалпақ тилиндеги электрон әдебиятлар жаратыў ислеринде  басшылық етип, ол жаратқан компьютерлер ушын қарақалпақ миллий имласы шрифтлары республикамызда енгизилип, дерлик 20 жылдан берли қолланылып келинбекте.

Б.Абдикамалов үлгили шаңарақ ийеси. Улы Ерназар 2009-жылы Трест қаласында (Италия) астрофизика бойынша философия докторы илимий дәрежесин алған, ҳәзирги ўақытта Назарбаев атындағы университеттиң физика кафедрасының профессоры. Қызы Азиза 2018-жылы техника илимлери бойынша философия докторы илимий дәрежесин алған. Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң докторанты. Кишкене улы Асқар астрофизик. Фундань университетинде (Қытай, Шанхай қаласы) астро-физика бойынша философия докторы илимий дәрежесин алды.

Физика илиминиң пидайысы болған устаздың мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланды. Ол «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери», «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атақлары, «Меҳнат шуҳрати» ордени, бир қатар көкирек нышанлары ҳәм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Илажда республикамыздағы жоқары оқыў орынларының басшылары, кәсиплеслери ҳәм шәкиртлери шығып сөйлеп, устаздың илимий-педагогикалық мийнетине жоқары баҳа берди.

Кеше қатнасыўшыларына республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдармасы қойып берилди.

 

 

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.