Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы ҳәм Журналистлерди қайта таярлаў орайы бир қатар шөлкемлер менен биргеликте миллий ҳәм халықаралық журналистиканың ең жоқары жетискенликлерин ғалаба ен жайдырыў, ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң пуқаралық позицияларын көрсетиўи ушын шараят жаратыў және журналистлерде сын көзқарастан аналитикалық пикирлеў ҳәм дөретиўшилик жумысқа жаңаша қатнасықларды қәлиплестириў ҳәм хошаметлеў  мақсетинде «Алтын қәлем» XV миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўды өткереди.

3-май – Жәҳән баспасөз еркинлиги күнине бағышланған бул таңлаўға 2020-жылдың 31-мартынан 2021-жылдың 31-мартына шекем – бир жыл даўамында газета ҳәм журналларда басып шығарылған, радио арқалы эфирге жиберилген және телевидениеде көрсетилген ҳәм интернет басылымларында берилген материаллар 2021-жылдың 10-апрелине шекем қабыл етиледи.

Таңлаў жеңимпазлары ушын төмендеги сыйлықлар шөлкемлестирилген:

Журналистика тараўында бас миллий сыйлық.  Жеңимпаз арнаўлы диплом, «Алтын қәлем» көкирек белгиси, статуэткасы ҳәм Өзбекстан Республикасында белгиленген базалық есаплаўдың 200  есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

Тийкарғы сыйлықлар:

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (телевидение –1-, 2- , 3-орынлар);

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (радио –1-, 2- , 3-орынлар);

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (баспа ғалаба хабар қураллары –1-, 2- , 3-орынлар);

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (Интернет-журналистика –1-, 2- , 3-орынлар).

«Сырт ел журналистиниң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы ушын» ( бир биринши, 4 екинши орын)

Биринши орынды алған жеңимпазлар диплом, «Алтын қәлем» көкирек белгиси, статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 160 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

екинши орынды алған жеңимпазлар диплом, «Алтын қәлем» көкирек белгиси, статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 140 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

Үшинши орынды алған жеңимпазлар диплом, «Алтын қәлем» көкирек белгиси, статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 120 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

Хошаметлеўши сыйлықлар ушын номинациялар:

Инсан ҳуқықлары темасындағы ең жақсы материал:

Ең жақсы фоторепортаж;

Ең жақсы баспасөз хызмети.

Усы номинациялардың жеңимпазлары, «Алтын қәлем» статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

«Алтын қәлем» таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў, сондай-ақ, оны өткериўге байланыслы қәрежетлер Өзбекстан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў «Илҳам» жәмийетлик фондының қаржылай жәрдеминде әмелге асырылады.

Сондай-ақ, миллий бирге ислесиўшилер және бир қатар халықаралық шөлкемлердиң Өзбекстандағы ўәкилханалары ҳәм елшиханалары да өз хошаметлеўши сыйлықларын шөлкемлестирген (қосымша дағаза бериледи).

Таңлаў шәртлери:

Таңлаўға теле-, радио-, баспа материаллары және Интернет басылымларында жәрияланған дөреиўшилик жумыслар усыныс етиледи (5 ден аз, 10 нан көп болмаўы керек).

Телевидение бойынша видеоматериаллар (CD, DVD дискте) 3 минуттан 30 минутқа шекем болыўы керек.

Радиоеситтириўлер (CD, DVD дискте) 5 минуттан 30 минутқа шекем болыўы керек.

Баспасөз ҳәм Интернет материалларының сканерленген электрон, басып шығарылған тийкарғы ямаса көширме нусқалары берилиўи зәрүр.

Таңлаўға жиберилген материалларға төмендегилер қосымша етилиўи тийис:

– автор ҳаққында мағлыўматнама (объективка);

– автордың жасаў орны, үйи ҳәм жумыс телефонлары;

– паспорт нусқасы.

Таңлаў жеңимпазларын салтанатлы сыйлықлаў мәресими 2021-жыл 3-май – Жәҳән баспасөз еркинлиги күни салтанатлы түрде өткериледи.

Сыйлық бир пуқараға қайтадан берилмейди.

Материаллар «Алтын қәлем» таңлаўына» деп көрсетип төмендеги мәнзилге жиберилиўи тийис:

100011, Ташкент қаласы, Наўайы көшеси, 30-жай.

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, 3-қабат.

Телефонлар: 244-64-61; 244- 37-87