Социаллық тармақларда турмыслық машқалаларға дусласып, қыйын өмир кеширип атырған видеокөринислери менен көпшиликке мәлим болған Шымбай районындағы «Қызылөзек» аўыл пуқаралар жыйынында,  бүгинги күни 915 хожалық болып, онда бес ярым мыңға шамалас халық тыныш-татыў жасап келмекте.

 

 

Жергиликли халық тийкарынан дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланатуғын аймақтағы фермер хожалықлары ҳәр жыл сайын тек ғана районда емес, ал, республикада мәмлекетке ғәлле ҳәм пахта тапсырыў режелерин алдынғылар қатарында орынлап киятырғанын район басшылары жақсы биледи. Бирақ, тилекке қарсы аймақта бир қанша машқалалардың орын алып атырғаны бүгин ҳешкимге сыр емес. Шымбай районы ҳәкимлиги халықтың бул мүрәжатларын инабатқа алып, быйылғы жылы «Қызылөзек» аўыл пуқаралар  жыйынын «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасына киргизди.

 

 

 

– Жыйын орайына 8 км узақлықтан мектепке оқыўға қатнайтуғын «Төпе аўыл» елатының балалары ушын жолаўшы тасыйтуғын автотранспортлар қойылған болса, аймағымызда жасаўшы  11  пуқараның жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленди,-дейди бизге жыйын ақсақалы Ислам Қайыпназаров.-Сондай-ақ, «Болыс аўыл» елатының ишимлик суўға болған талабын қанаатландырыў мақсетинде, ҳәзирги күнлери районлық суў тармақлары хызметкерлери тәрепинен үйлерге ишимлик суў қубырлары тартылмақта. Ал, «Төпе аўыл»  елаты турғыны Дәўлетбийке Нийетуллаеваның да өз денсаўлығын медициналық тексериўден өткерип, өзине майыплық топарын тайынлаў бойынша арызы да Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм район ҳәкимлиги тәрепинен инабатқа алынып, бул пуқара  районлық медицина бирлеспеси  хызметкерлери тәрепинен тексериўден өткерилди ҳәм оның ҳүжжетлери тийисли тәртипте үйренип шығылмақта. Соның менен бирге аймақтағы аўыллық шыпакерлик пунктине де ири оңлаў жумыслары жүргизилмекте.

 

 

 

Ҳақыйқатында да, бүгинги күни «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында, бул аймақта көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў ислери қызғын алып барылмақта.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.