Cамарқанд қаласында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен жоқары оқыў орынларының студент-жаслары арасында «Жыл студенти-2020» республикалық таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Таңлаўдың биринши басқышына жәми 7000 нан аслам студент-жаслар қатнасып, соннан 427  студент республикалық басқышқа жоллама алды.

Таңлаў жуўмағында 21 студент жеңимпазлықты қолға киргизген болса, 14 студент лауреат, 6 студент ҳүрмет жарлығы менен  сыйлықланды.

Олар арасында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң дене мәденияты факультети студенти Клара Дәрменбаева «Жылдың ең белсенди спортшысы» номинациясы бойынша жеңимпаз болған болса, қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң студенти Әдилбек Латипов таңлаў лауреаты болды.

Ал, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының 2-курс студенти Азизбек Алламуратов «Жылдың ең дөретиўши студенти» номинациясы бойынша жеңимпаз болды.

 

 

– Оқыў дәргайымызда студентлерге дөретиўшилик жумыслары ушын кең мүмкиншиликлер жаратылған. Усы имканиятлардан пайдаланған ҳалда халықаралық ҳәм республикалық таңлаўларда жеңимпаз болғанман. Жигирмаға шамалас илимий мақалаларым шықты. Бундай нәтийжелерге ерисиўимде устазларымның мийнети айрықша, -дейди таңлаў лауреаты Әдилбек Латипов.

Таңлаў жеңимпазлары ақшалай сыйлық ҳәм арнаўлы диплом менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы